Өзбекстан ҳәм Беларусь парламентлераралық байланыслары – еки тәреплеме ушырасыў дыққат орайында

251

Олий  Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбоева Санкт-Петербург қаласында Беларусь Республикасы Миллий Мажлиси Республикалық Кеңесиниң Баслығы Наталья Кочанова менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў барысында парламентлераралық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, сондай-ақ, Өзбекстан парламент делегацияның усы жыл август айында Беларусьтың  Витебск ўәлаятына болажақ рәсмий сапар етиўине таярлық көриў мәселелери додаланды.

Сәўбет даўамында болажақ илажлардың шөлкемлестириў ҳәм мазмун тәреплери ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Атап айтқанда, еки мәмлекет жергиликли ҳәкимият ўәкиллери уйымларының қатнасыўында аймақлараралық форум, үшинши Өзбекстан – Беларусь ҳаял-қызлар бизнес-форумы, жаслар парламентлериниң мәжилисин өткериў ҳаққында сөз болды.

Тәреплер еки мәмлекет аймақлары, исбилермен топарлары, жаслар ҳәм жетекши ҳаял-қызларды буннан былай да бирлестириўге қаратылған бул илажларға таярлық көриў ҳәм өткериў процесинде өз-ара бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў, билимлендириў тараўындағы алмасыўлар, жаслар сиясаты тараўындағы биргеликтеги жойбарларға айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан «Еслеў поезды» ҳәм «Дослық аўқамы балалары» халықаралық бағдарламаларында қатнасатуғынын тастыйықлап, бул басламалар халықлар арасында дослықты беккемлеў ҳәм тарийхый еслеўлерди сақлап қалыўда айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў, соның ишинде, сайлаўларды өткериў ҳәм бақлаў миссияларына қатнасыў бойынша тәжирийбе алмасыў мәселелери де додаланды.

Ушырасыў жуўмағында парламентлераралық бирге ислесиў потенциалын сақлап қалыў ҳәм барлық дәрежелерде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.