Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында дүньяда жүз берип атырған экономикалық тербелислердиң мәмлекетимиз тараўы ҳәм тармақларына тәсирин жумсартыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте 3-4 уйым мысалында айтылған сын көзқараслар басқа министрлик ҳәм тармақларға да тийисли екени атап өтилди.

Экология, Аўыл хожалығы, Қурылыс, Энергетика, Жоқары билимлендириў министрликлери, Кадастр агентлиги, Автожоллар комитети, Санаат қәўипсизлиги комитети, Қурылыс инспекциясы системасында да бюрократия елеге шекем жоқарылығы көрсетип өтилди.

Усы министрлик ҳәм уйымлар басшыларына бүгинги мәжилистен жуўмақ шығарып, халық ҳәм исбилерменлерге хызметлерди жеңиллестириў тапсырылды.

Улыўма, барлық дәрежедеги басшылар алдына ислеп шығарыўшы ҳәм экспортшылар менен турақлы қатнаста болыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилис даўамында аймақ ҳәм тармақлар басшыларының есабатлары, исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды.

ӨзА