Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Ҳәзирги ўақытта кондитерлик ҳәм салқын ишимликлер тармағы жергиликли санааттың драйверине айланып үлгергени ҳәм оны қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Соның ушын қумшекерге акциз төлеми бийкар етилетуғыны белгиленди. Қурғақ сүт импортына қойылған шеклеўлер де алып тасланады.
Оның есабынан дерлик 40 мың адам ислейтуғын 5,5 мың кондитер ҳәм салқын ишимлик ислеп шығарыўшы кәрханалардың жыллық айланысы кеминде 50 триллион сумға жетеди.
Ҳәзирги ўақытта 2,5 мыңға шамалас ресторан ҳәм кафе ҚҚС төлемекте. Жылдың басынан оларға ҚҚСтың 20 проценттен 40 процентке шекемги бөлегин «кэшбек» сыпатында қайтарыў системасы енгизилген еди. Бирақ, ҳәзирги ўақытқа шекем бул жеңилликтен тек ғана 69 улыўма аўқатланыў кәрханасы пайдаланғаны көрсетип өтилди.
Мәселен, салқын ишимлик, торт, музқаймақ сыяқлы 200 ден аслам өним бөлек-бөлек сатылса, «кэшбек» берилмей атыр. Бирақ, оларға да ҚҚС төленген.
Салық комитетине бул бағдардағы түсинбеўшиликлерди тәртипке салып, әдалатлы системаны жолға қойыў тапсырылды.
ӨзА