Қәўип дәрежеси жоқары болған 7 товар топарындағы өнимлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў әмелияты бийкар етиледи.

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде мәлим етилди.

Сертификат алыў мәжбүрий болған товарлар дизимин кескин қысқартып, өнимниң муўапықлығын декларациялаў әмелияты енгизиледи.

Әсбап-үскене, шийки зат, арнаўлы техника, транспорт импортында мәмлекетимизде тән алынатуғын сырт ел жоқары сапа ҳәм қадағалаў системаларының нормалары ислеп шығылады, олар импорт етип атырғанда миллий сертификат алыў талап етилмейди.

– Бир сөз бенен айтқанда, биз өнимлердиң базарға кириўин жеңиллестирип, оның реализациясындағы қадағалаўды күшейтемиз. Бул халықаралық әмелиятта өзин ақлаған,-деди президент.

Жуўапкерлерге «Базар қадағалаўы ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.

Улыўма, сынақ ҳәм сертификатластырыў бойынша мәмлекетлик лабораториялар жеке меншик секторға инвестиция киргизиў шәрти менен берилсе, тараўда сапа ҳәм бәсеки болыўы, хызмет баҳасының түсиўи көрсетип өтилди.

ӨзА