Орайлық Азия мәмлекетлери Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлериниң ушырасыўы

381

Самарқанд қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлериниң екинши ушырасыўы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси хаткери Виктор Маҳмудовтың басшылығында өткен мәжилисте Қазақстан Республикасы Қәўипсизлик кеңеси хаткери Гизат Нурдаулетов, Қырғыз Республикасы Қәўипсизлик кеңеси хаткери Марат Иманқулов, Тәжикстан Республикасы Қәўипсизлик кеңеси хаткери Юсуф Раҳмон, Түркменстанның Өзбекстандағы елшиханасы әскерий атташеси Мейлис Аннабердиев қатнасты. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң форум қатнасыўшыларына мүрәжатын В.Маҳмудов оқып еситтирди.

Мәмлекетимиз басшысы өз мүрәжатында Орайлық Азия бүгин өз раўажланыўының пүткиллей жаңа басқышына қәдем қойып атырғаны, дослық қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм конструктивлик сөйлесиў принциплерине тийкарланған стратегиялық шериклик регионына айланып атырғанын айрықша атап өткен.

Атап өтилиўинше, Орайлық Азия мәмлекет басшылары Мәсләҳәт ушырасыўында Өзбекстанның басламасы менен қәўипсизлик ҳәм саўда-экономикалық байланысларын беккемлеў, транспорт байланысларын кеңейтиў, алдымызда турған әҳмийетли мәселелердиң турақлы шешимлерин биргеликте излеўге қаратылған регионаллық шериклик күн тәртиби алға қойылады.

Сондай-ақ, Шавкат Мирзиёев Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлериниң ушырасыўлары улыўма шақырық ҳәм қәўип-қәтерлерди ашық додалаў, машқалаларға өз-ара исенимге тийкарланған орталықта биргеликте шешимлер ислеп шығыў ҳәм «саатларды туўрылап алыў» ушын нәтийжели платформа болып хызмет етип атырғанын жоқары баҳалаған.

Ушырасыўда регионаллық қәўипсизлик, терроризм, экстремизм ҳәм радикалласыў, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы биргеликте гүресиў, регионда экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, транспорт ҳәм транзит имканиятын раўажландырыў, сондай-ақ, транспорт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер сыяқлы кең көлемли мәселелер додаланды.

Делегациялар басшылары регионда қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, уйымлараралық байланысларды кеңейтиў, соның ишинде, шәртнамалық-ҳуқықый базаны беккемлеў ҳәм бирге ислесиў механизмлерин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, өз-ара тәжирийбе ҳәм әмелият алмасыўы тараўындағы конструктивлик шерикликтиң ҳәзирги дәрежесин жоқары баҳалады.

Тәреплер регионаллық қәўипсизлик мәселелери бойынша көзқарас ҳәм позициялардың уқсаслығын атап өтип, биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықластырыў, ең әҳмийетли мәселелерге шешимлер ислеп шығыў процесинде Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлериниң ушырасыўлары механизми үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Мәжилис күн тәртибине киргизилген мәселелер бойынша бирге ислесиўдиң жеделлесиў пәтин сақлап қалыў, потенциал ҳәм имканиятлардан толық пайдаланыў зәрүр екенлиги мақулланды. Еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди және де жетилистириў бойынша жаңа баслама, усыныслар алға қойылды.

Форум шеңберинде қатнасыўшыларға 2024-жыл 9-август күни Астана қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўында Өзбекстан Президенти тәрепинен алға қойылған баслама тийкарында Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў концепциясы жойбары усынылды.

Буннан тысқары, абырайлы мийманлар ушын Орайлық Азия халықаралық институтының «Регионаллық татыўлық – Орайлық Азия турақлы раўажланыўының тийкарғы факторы» темасындағы экспертлик-аналитикалық есабаты таныстырылды.

Ушырасыў соңында додаланған тийкарғы тараўларды бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша анық илажлар әмелге асырылыўын нәзерде тутыўшы Орайлық Азия мәмлекетлери Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлери екинши мәжилисиниң Билдириўи қабыл етилди.

Ғ.Ҳасанов, А.Исроилов (сүўрет), ӨзАның хабаршылары