Жасалма пуллардан абайлы болың!

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер ҳәм Миллий гвардия хызметкерлери менен биргеликте Тақыятас районында қолдан жасалма усылда ислеп шығарылған қәлбеки пул бирликлерин айланысқа киргизбекши болған жынайый топардың ҳәрекетлери ашылды.
Оператив илаж даўамында пуқара 200, 100, 50 ҳәм 20 мыңлық купюрадағы жәми 7 миллион 500 мың муғдарындағы қәлбеки өзбек сумын 2,5 млн.лық ҳақыйқый өзбек сумы купюрасына сатып атырған ўақтында, илаж қатнасыўшылары тәрепинен қолға алынды.
Илаж даўам еттирилип, усы пуқараның көрсетпесине тийкарланып, жынаятқа байланыслылықта гүманланған шахслардың турақ жайлары көзден өткерилгенинде, қәлбеки пул бирликлерин ислеп шығарыўда қолланылатуғын ноутбук, реңли принтер, ҳәр қыйлы өлшемдеги қайшы ҳәм сызғыш буйымлары айғақлы дәлил сыпатында алынды.
Әлбетте, қолдан басып шығарылып атырған пуллар, пулды қадағалаўдың пәсейиўине, мәмлекет экономикасына тәсир көрсетип, инфляцияның жоқарылаўына себепши болады.
Бул жағдай бойынша басқарма тәрепинен қылмысқа байланыслы 8 шахсқа Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 176-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги