Сенат Баслығының биринши орынбасары Анталия дипломатия форумында қатнасты

255

Усы жылыдң 11-13-апрель күнлери Түркия Республикасының Анталия қаласында халықаралық дипломатиялық масштабта жоқары тән алынған Анталия дипломатия форумы – 2025 болып өтти. Дәстүрге бола бул форум Түркия Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилди.

Бул абырайлы илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Садиқ Софаев та белсене қатнасты.

Форумның быйылғы темасы «Бөлинип кеткен дүньяда дипломатияны қайта тиклеў» болып, ол бүгинги тыныш емес ҳәм қарама-қарсылықларға бай болған глобал орталықта дипломатияның шешиўши ролин және бир мәрте додалаў орайына алып шықты.

Садиқ Сафоев Форум шеңберинде өткерилген тийкарғы сессияларда шығып сөйлеп, Өзбекстанның ашық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясатын, регионаллық дипломатияны беккемлеў бағдарындағы көзқарасларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирди. Соның ишинде, ол бүгинги глобал қарама-қарсылықлар фонында халықаралық институтлардың исенимлилигин қайта тиклеў, дипломатия арқалы турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм регионаллық және глобаллық дәрежедеги бирге ислесиўди беккемлеў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

Илаж даўамында Содиқ Сафоев бир қатар мәмлекетлердиң делегациялары басшылары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм жектеши экспертлер менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди. Ушырасыўларда сиясий бирге ислесиў, экономикалық интеграция, жаслар дипломатиясы, экологиялық турақлылық ҳәм мәлимлеме мәканында өз-ара исенимди беккемлеўге байланыслы мәселелер додаланды.

Анталия дипломатия форумы глобал қәўипсизлик, турақлылық ҳәм тынышлық жолында халықаралық бирге ислесиўди беккемлейтуғын әҳмийетли майданлардан бирине айланған.

Өзбекстан делегациясының Форумға белсене қатнасыўы мәмлекетимиздиң регионаллық ҳәм глобал масштабтағы ашық, турақлы ҳәм узақ мүддетли дипломатиялық сиясатын көрсетти.

ӨзА