Россия сыртқы ислер министри Сергей Лавров Өзбекстанға келеди

254

Россия сыртқы ислер министри Сергей Лавров 22-23-апрель күнлери рәсмий сапар менен Ташкентте болады. Бул ҳаққында Россия сыртқы ислер министрлиги баспасөз хаткери Мария Захарова мәлим етти.

Сапар даўамында Ташкент қаласында Өзбекстан Президенти менен сөйлесиў, сондай-ақ, мәмлекетимиз сыртқы ислер министри менен сөйлесиўлер өткерилиўи режелестирилген.

Хабарда айтылыўынша, тийкарғы итибар Россия президенти Владимир Путинниң 2024-жыл май айында Өзбекстанға мәмлекетлик сапарының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлер, соның ишинде, Россия – Өзбекстан кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў мәселелерине қаратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги