2024-2025-оқыў жылының басында Өзбекстан Республикасының 18-23-жас аралығындағы халықты жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 47,7 процентти қурады. Бул ҳаққында Миллий статистика комитети мәлим етти.

Усы жас категориясындағы халықтың жоқары билимлендириў менен қамтылыў көрсеткишлери 2014-жылы 6,8 процент, 2017-жылға келип 8,3 процент, 2020-жылы 18,7 процент, 2022-жылы 36,6 процент ҳәм 2024-жылы болса 47,7 процент көринисинде болған.

2024-2025-оқыў жылы басындағы нәтийжелер 2014-жыл менен салыстырылғада 40,9 процентке жоқарырақ болып есапланады.

2024-жылы республикада жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны 211ди қурап, олардан 112си мәмлекетлик, 30ы сырт ел ҳәм 69ы мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелери екенлиги мәлим етилген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги