Бахтиёр Саидов Кувейтте Жасим бин Муҳаммед Ал-Будаивий менен ушырасты

185

Жақын Шығыс регионы басылымларының жазыўынша, Ал-Кувейт қаласында «Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлериниң бирге ислесиў кеңеси» стратегиялық сөйлесиўи сыртқы ислер министрлери үшинши ушырасыўында қатнасқан Өзбекстан сыртқы сиясат уйымының басшысы Бахтиёр Саидов Кеңес Бас хаткери Жасим бин Муҳаммед Ал-Будаивий менен ушырасқанын сәўлелендирди.

Мақалаларда Самарқандта болып өтетуғын «Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлериниң бирге ислесиў кеңеси» саммитин табыслы шөлкемлестириў мәселеси сөйлесиў орайында турғаны атап өтилген. Сөйлесиў даўамында еки регион мәмлекетлерин бирлестирип турыўшы терең тамырлар, улыўмалық қәдириятларға итибар берилип, және де перспективалы бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратыў зәрүрлиги мақулланған.

Сондай-ақ, 2023-2027-жылларға мөлшерленген Биргеликтеги ҳәрекетлер режеси де көрип шығылған. Ҳүжжетте бир қатар бағдарлар, атап айтқанда сиясий ҳәм қәўипсизлик бойынша сөйлесиў, экономикалық, саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, ғалаба хабар қураллары, жаслар ҳәм спорт тараўларында бирге ислесиў көлемин кеңейтиў нәзерде тутылған.

Тәреплер бул реже бойынша жумысларды улыўмалық мәпке бағдарлаў бойынша ҳәрекетти күшейтиў зәрүр екенлигин тастыйықлаған.

М.Пирматова, ӨзА