Сыртқы саўда  мәлимлеме системасы сынақ басқышында

312

Бажыхана  комитети тәрепинен ислеп шығылған ҳәм көплеген қолайлықларға ийе болған “Э-контракт” сыртқы саўда мәлимлеме системасы сынақ түринде иске қосылды.

Мағлыўматларға бола, жақын күнлерде бул системаны толық иске қосыў режелестирилген. Мәлимлеме системасы https://contract.customs.uz   мәнзилинде жайластырылған болып,  бул бағдарлама жәрдеминде сыртқы экономикалық жумыс  қатнасыўшылары өзлериниң сыртқы саўда шәртнамаларының мағлыўматларын қәлиплестириў, олардың орынланыўын бақлап барыў мүмкин.

Қалаберди,  бажыхана ҳәм банк операциялары бойынша мағлыўмат ҳәм есабатлар,  сондай-ақ, тарифсиз илажлар ҳаққында мәлимлеме алыў имканиятлары  пайда болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги