Имканиятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында сөз етилди

303

Хожели районының “Айбек” массивинде жайласқан “Шукуруллаева Толғанай” фермер хожалығында семинар өткерилди.

Оған Өзбекстан фермерлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары К.Собиров, Фермерлер кеңеси қоры  баслығы Т.Саттаров, район ҳәкими Ж.Ермашев, республикадан бириктирилген ўәкиллер ҳәм фермер хожалықларының баслықлары қатнасты. Сөзге шыққанлар Өзбекстан Фермерлер кеңеси жанындағы Фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен фермер хожалықларын  қаржылай қоллап-қуўатлаў имканиятлары ҳәм жеңилликлер ҳаққында кең түрде түсиниклер берди. Атап айтқанда, кредит ажыратыў тәртиби ҳәм хызмет көрсетиў бағдарларында бирме-бир тоқтап өтти. Семинар даўамында фермер хожалығы баслықлары тараўда ушырасып атырған машқалалар, соның менен бирге усыныс ҳәм пикирлери менен ортақласты.

                                                                 Қарақалпақстан хабар агентлиги