Өзбекстан басшысының ўәлаятларға сапарларында биз журналистлер усындай минутларды күтип турамыз

393

Аўа, сиясатта ҳәммеси әҳмийетли, социаллық-экономикалық мәселелер, жаңа кәрханалар, жойбарлар, инвестиция, жумыс орынлары бойынша режелер…

Булардың ҳәммеси әҳмийетли, ҳәммеси. Бирақ, мени Президенттиң шахс сыпатындағы, әке сыпатындағы,  баба сыпатындағы, әпиўайы инсан сыпатындағы сөйлесиўи, кеңпейиллиги, әпиўайылығы ҳәммесинен көбирек тәсирлендиреди.

Мәмлекетимиз басшысының күтилмегенде Әндижанда  жол бойындағы лазым болып атырған үйге кеўил айтыў ушын  киргенин, жақынлардың кеўилин көтергенин бүгин үйимдегилер, қоңсы-қобалар да үлкен ҳүрмет пенен айтты.

Кешке жақын Президентимизди айрықша итибарға мүтәж балалар дөгерегинде көрдим.

Бул   периштедей әжайып балалар инсанның итибарына  қарап оған умтылады, олардың алдында турған инсанның абырайы, лаўазымы, ким екенлигин билип емес, кеңпейиллигин, меҳрин сезингенине қушағын ашады.

Аўа, биз өзбекстанлылар ҳәр түрлимиз, биреўлер талантлы, биреўлер чемпион, биреўлер болса жақынларының да атын айталмайтуғыны ямаса 10ға   шекем санай алмаўы мүмкин. Бирақ олар да усы ўатанның балалары. Олардың өзи де, ата-анасы да мәмлекеттиң, керек болса, Президенттиң меҳри-қушағы, жәрдеминде болыўға ылайық.

Усындай болып атырғанынан  қуўанышлыман.

Қарақалпақстан хабар агентлиги