Қытайда ең кишкене жасалма жүрек орнатылды

271

Қытайлы шыпакерлер жети жасар баланың денесине дүньядағы ең кишкене жасалма жүректи табыслы орналастырды. Бул балалар трансплантациясы тараўында үлкен қәдем болып табылады. Бул мәлимлемени «Синьхуа» агентлиги тарқатқан.

– Хуажун илим ҳәм технология университети Тунцзи медицина колледжине қараслы Сехэ емлеўханасында 15-апрель күни жүрек-қан тамыр хирургиясы бөлиминиң баслығы Дун Няньго басшылығында өткен хирургиялық операция табыслы өтти, – делинеди хабарда. – Шыпакерлер терминал жүрек жетиспеўшилиги менен байланыслы наўқасларды емлеў ушын үш жыл даўамында ислеп шығылған магнитли левитациялы сорығыштан пайдаланды.

Атап өтилиўинше, жасалма аппарат баланың жүреги ҳәм өкпе жумысын тиклеўге жәрдем берген. Қурылманың аўырлығы тек 45 грамм, сорығыш айланасы 2,9 сантиметр. Бул үшинши әўлад жүрек болып, бурынғыларына қарағанда бир қатар абзаллықларғы ийе. Яғный, аз энергия жумсайды, батареясы узақ мүддет ислейди, исенимлилик асқан ҳәм қабыл етиўшиниң дене температурасына өзинен-өзи бейимлесиў қәбилети жоқары.

– Бүгинги күндеги таяр қурылмалардың көпшилиги жасы үлкенлер ушын мөлшерленген, – дейди доктор Няньго. Салмағы 15 килограммнан аз, көкирек қуўысы тар балалар бираздан берли зәрүр насос жоқлығы себепли операциядан шетте қалып киятырған еди.

Қытайда жылына жүректиң ислеўинде үлкен машқаласы бар 40 000 ға шамалас бала емлеўханаға жатқарылады. Олардың 10 проценти трансплантацияға мүтәж. Елимизде болса ҳәр жылы 100 ге шамалас усыған уқсаған операция исленеди.

С.Раҳимов, ӨзА