Өзбек мультфильмлерине Ҳиндстанда арнаўлы сыйлық берилди

Ҳиндстанның Ноида қаласында болып өткен халықаралық кинофестивальда өзбек кино дөретиўшилери тәрепинен исленген аннимациялық фильм арнаўлы сыйлықты қолға киргизди.
«Astir Animation» тәрепинен Абдулатиф Ҳайдаровтың басшылығында дөретилген «Уллы жипек жолы бойлап саяхат» ҳәм «Тумарис» атамасындағы мультфильмлеримиз «Award of Distinction» номинациясы бойынша сыйлықланды.
Заманагөй 3D -технологиясынан пайдаланып исленген ҳәр еки картина тек ғана тамашагөйлерде емес, ал төрешилерде де үлкен тәсир қалдырды.
«Уллы Жипек жолы бойлап саяхат» әййемги Хийўа өтмишин сөз етеди, «Тумарис» болса Орайлық Азия тарийхында өшпес из қалдырған әпсана адамның өмирине бағышланған.
Халықаралық төрешилер ҳәм анимация тамашагөйлери фильмлеримиздиң көркем ҳәм техникалық дәрежесине жоқары баҳа берип, өзине тәнлик, мәдений әҳмийет ҳәм визуал атқарыў көз қарасынан, дөретпени айрықша тән алды.
«Astir Animation» өзбек студиясы буннан алдын да халықаралық масштабта бир қатар жетискенликлерге ерискенин атап өтиў керек. Мәселен, өткен жылы «Хасис баққол» мульфильми менен Калькутта қаласында болып өткен Халықаралық балалар кинофестивалында табысқа ерискен еди.
Азиза Алимова, ӨзА