Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери тараўында қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

Мәмлекетимизде адам саўдасына қарсы гүресиў, оннан жәбирленген шахсларды ҳәр тәреплеме қорғаў, мүнәсип мийнет принциплерин алға қойыў бағдарында Президентимиздиң басшылығында системалы реформалар әмелге асырылды. Әҳмийетлиси, бул тараўда анық нәтийжелерге ерисилмекте.
Бул бағдардағы мәмлекетимиз тәжирийбеси халықаралық көлемде үйрениў ҳәм қолланыў ушын табыслы модель сыпатында қаралып атырғаны ХМШ тәрепинен атап өтилген. 2024-жыл июнь айында Өзбекстанның ХМШның Ҳәкимшилик кеңесине сайланғаны оның айқын белгиси болып есапланады.
Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссияның гезектеги мәжилисинде усы бағдардағы жумысларды және де жетилистириў, жол қойылып атырған айырым кемшиликлерди сапластырыўға итибар қаратылды. 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар, көрилген илажлар, сақланып қалып атырған мәселелер ҳәм 2025-жылға режелестирилген тийкарғы ўазыйпалар додаланды.
Сенат Баслығы, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелри бойынша миллий комиссия баслығы Т.Норбоева басқарған мәжилисте адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери тараўында 2024-жылы әмелге асырылған жумыслар, тараўдағы машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар сәўлеленген мәлимлеме Президентке киргизилгени мәлим етилди.

Бул бағдарда миллий нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты жетилистирилди. Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет принциплерин кеңнен енгизиўдиң шөлкемлестириў ҳәм әмелий илажлары күшейтилди. Халықтың адам саўдасы ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша хабардарлығы арттырылды. Өндирис тармақларында халықаралық мийнет тараўындағы техникалық стандартларды енгизиўге итибар күшейтилди. Халықаралық бирге ислесиў жеделлестирилди.
2024-жылы адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет принциплерин кеңнен енгизиў, тараўға байланыслы нызамшылық тийкарларын жетилистириў мақсетинде 36 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Халықаралық мийнет шөлкеминиң 5 конвенциясы ратификацияланды.
Бул тараўда мәмлекетлик уйымлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, Өзбекстанның халықаралық рейтинглердеги позициясын және де жақсылаў мақсетинде 3 илажлар бағдарламасы қабыл етилип, орынланыўы тәмийинленбекте.
Мийнет инспекциясының ўәкилликлери кеңейтилди. Инспекцияға мийнет ҳуқықлары ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи бойынша тексериўлерди иркинишсиз өткериў ўәкиллиги берилди.
Миллий комиссия тәрепинен өткерилген үйрениўлер даўамында нызам бузылыўы жағдайларын сапластырыў мақсетинде жумыс бериўшилерге жазба көрсетпе ҳәм усыныслар киргизилген. Мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди өндириў бойынша киргизилген шағым арзалары көрип шығылыўы нәтийжесинде 25,7 миллиард сум өндириў бойынша суд қарарлары шығарылған.
Мәжилисте 2024-жылы адам саўдасына қарсы гүресиў, тараўға байланыслы нызамшылық тийкарларын жетилистириў мақсетинде бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилгени атап өтилди.
Жынаят кодексиниң 135-статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, бала саўдасы жынаяты исленгени ушын жаза илажы күшейтилди.
Адам саўдасынан жәбирленген шахсларды анықлаў, оларғы социаллық, ҳуқықый жәрдем көрсетиў ушын ИИМниң «Әҳмийетли байланыс тармағы» үзликсиз ислеўи тәмийинленбекте.
Адам саўдасына байланыслы жынаятларды анықлаў ҳәм айыпланыўшы шахсларды жуўапкершиликке тартыў бағдарында сезилерли өзгерислер бақланды. Судлар тәрепинен адам саўдасына байланыслы 195 шахсқа қарата 143 жынаят иси көрип шығылған. 138 жынаят иси бойынша айыплаў ҳүкими 188 шахсқа шығарылған.

Адам саўдасына байланыслы жынаятлардан жәбирленген шахсларға медициналық-психологиялық ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетилди, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў, турақ жай машқалаларын шешиўде әмелий жәрдем көрсетилди.
Мәжилисте аймақларда адам саўдасына қарсы гүресиў, мүнәсир мийнет принциплерин алға қойыў бағдарындағы машқалалы мәселелер додаланды.
Адам саўдасына қарсы гүресиў мәселелери бойынша Ишки ислер министрлиги, мүнәсип мийнет мәселелери бойынша Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң басшылары, аймақлық комиссиялар ўәкиллериниң мәлимлемелери тыңланды.
Миллий комиссия тәрепинен тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте ислеп шығылған 2025-жылы адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлимлемеде билдирилген усынысларды әмелиятқа қолланыў бойынша илажлар режеси (жол картасы) жойбары көрип шығылды.
Адам саўдасына қарсы гүресиў киши комиссиясы тәрепинен ислеп шығылған Өзбекстан Республикасы Адам саўдасына қарсы гүресиў концепциясының жойбары ҳәм оны әмелге асырыў бойынша Илажлар режеси көрип шығылды.
Додаланған мәселелер бойынша Миллий комиссияның тийисли қарары қабыл етилип, келешектеги ўазыйпалар белгилеп алынды.
Норгул Абдураимова,
ӨзА