Түркий мәмлекетлердиң таллаў орайлары арасында бирге ислесиў меморандумларына қол қойылды

Хабар берилгениндей, пайтахтымызда Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердеги таллаў орайларының халқаралық әнжуманы болып өтти.
Өзбекстан, Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Венгрия 16 миллий таллаў орайларынан ўәкиллер қатнасқан бул әнжуманда саўда-экономикалық қатнасықлардың бүгинги жағдайы талланып, алдағы режелер белгилеп алынды.
Атап өтилгениндей, түркий мәмлекетлер халқының улыўма саны 175 миллионнан асады. Олардың ишки базарының көлеми болса сатып алыў қәбилети паритетинде 5,6 триллион доллардан көп. Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң жалпы ишки өними 2024-жылы 2,1 триллион доллардан асты. 2024-жылдың ақырына келип, ТМШға ағза мәмлекетлер арасындағы ишки саўда олардың улыўма товар айланысының дерлик 7 процентин қурады ҳәм өткен жылы бул көрсеткиш 850 миллиард долларға жетти.
Соның менен бирге, бир неше жыл бурын бул үлес тек ғана 3 процентти қураған. Бул унамлы динамиканы көрсетеди. Буннан тысқары, түркий мәмлекетлер биргеликте дүньяда үшинши ири энергия жеткерип бериўши болып, регионға қосымша стратегиялық абзаллықлар береди. ТМШ мәмлекетлердиң энергия ресурслары 19,9 триллион кубометр тәбийғый газ, 38,2 миллиард баррель нефть ҳәм 42 миллиард тонна көмирдиң тастыйықланған резервлерин өз ишине алады.
Әнжуман қантасыўшылары институционаллық ҳәм логистикалық тосқынлықларды сапластырыў, инфраструктураны раўажландырыў, саўданы санластырыў ҳәм кооперациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги потенциалды жүзеге шығарыўда бирге ислесиўлердиң ҳәрекетлер зәрүрлигин атап өтти. Өзбекстан ТМШның белсенди қатнасыўшысы сыпатында бәсекиге шыдамлы санаат базасы, өсип баратырған экспорт потенциалы ҳәм турақлы макроэкономикалық сиясатты усынып, экономикалық байланысларды беккемлеў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириўге таяр екенин тастыйықлады.
Әнжуманда Түркий тиллер академиясы, Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы, Евроазия изертлеў институты, Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети жанындағы Бәсеки сиясаты ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықлары изертлеўлери орайы, Экономикалық изертлеўлер институты ҳәм Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Түрк-қазақ университети арасында бирге ислесиў меморандумларына қол қойылды. Бул бирге ислесиў шәртнамалары интеграцияны тереңлестириў ҳәм өз-ара саўданы буннан былай да кеңейтиўге хызмет етеди.
Моҳигул ҚОСИМОВА,
ӨзАның хабаршысы