Ендигиден былай қурылып атырған имаратларға ҚР-кодлы паспорт бериледи

2025-жылдың 1-сентябринен баслап Өзбекстанда ҳәр бир қурылып атырған объект ушын ҚР-кодлы паспорт енгизиледи. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Бул система арқалы қала қурылысы субъектлери, қурылыс мүддетлери, ҳүжжетлер ҳәм экспертиза жуўмақлары сыяқлы әҳмийетли мағлыўматларға тезирек ийе болыў мүмкин болады.
Буннан тысқары, көп квартиралы турақ жайларда орынлар ҳәм подвалларды қайта қурыў ямаса режелестириўде қурылыс нормаларын бузған ҳалда консруктивлик бөлеклер ҳәм таяныш дийўалларды өзгертиў, бузыў ямаса имараттың жер силкиниўге шыдамлылығына унамсыз тәсир ететуғын ҳәрекетлер қатаң қадаған етиледи.
1-июльден баслап ишимлик суўы ҳәм ақаба суў системасы объектлерин мәжбүрий технологиялық аудиттен өткериў, қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыўда мобиль видеокамералар ҳәм арнаўлы планшетлерден пайдаланыў сыяқлы тәртиплер енгизиледи.
Сондай-ақ, басқышпа-басқыш аймақлық инспекцияларда қурылыс объектлерин онлайн бақлаў орайы шөлкемлестириледи ҳәм тәжирийбе-сынақ түринде 2025-жылы Қашқадәрья ўәлаятындағы Мәмлекетлик бюджет қаржыларының есабынан жаңадан қурылатуғын объектлерге видеокамералар орнатылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги