Шахзада 3-мәрте чемпион болды

Ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласында самбо бойынша Азия-Океания чемпионаты болып өтпекте.
Юнусабад спорт комплкесинде өткерилип атырған чемпионатқа Азия ҳәм Океания континетлериниң 25 ке шамалас мәмлекетинен 600 ден аслам самбошылар қатнаспақта. Жарыслар ересеклер арасында самбо ҳәм жаўынгерлик самбо (ерлер ҳәм ҳаял-қызлар), жаслар самбо ҳәм жаўынгерлик самбо (жигитлер ҳәм қызлар), жас өспиримлер ҳәм кадетлер арасында (жигитлер ҳәм қызлар), көзи әззи ҳәм шала көриўшилер арасында, спорт шеберлери (ветеранлар) арасында өткерилмекте.
Жарыстың кеше өткерилген күнинде қарақалпақстанлы белгили самбошы Шахзада Азатова жаўынгерлик самбо бойынша өз қарсыласларын жеңип шығып, усы спорт түринен үшинши мәрте Азия- Океания чемпионы атағына миясар болды.
Соны айтып өтиўимиз керек, спортшымыз 2023-жылы Қырғыз Республикасының Шолпан-ата қаласында өткерилген жәҳән кубоги, 2024-жылы Қазақастанның Астана қаласында өткерилген жәҳән чемпионатларында да алтын медалды жеңип алған еди. Сондай-ақ, ол Жиу-житсу бойынша да Азия чемпионлығын қолға киргизиўге ерискен.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы