Президент: аўызбиршиликли болып жумыс алып барсақ, жетискенликлеримиз және де көбейеди, биз ийелей алмайтуғын шектиң өзи болмайды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Әндижан ўәлаятын комплексли раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар бағдарында мәжилис болып өтти.
– Биз баслаған реформалар, бул – тек ғана санлар ямаса есабатлар емес. Бул – ҳәр бир шаңарақ, ҳәр инсанның турмысында сезилетуғын, абаданлық ҳәм раўажланыўға бағдарланған ҳақыйқый өзгерислер.
Ҳәзирги күнде де Әндижанда кең көлемли реформаларды жаңа басқышға көтериў бойынша ең әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп алдық. Халық ҳәм исбилерменлердиң кейпиятына тәсир ететуғын барлық мәселелерге тоқтап, ўәлаят ушын зәрүр қаржыларды да шештик.
Егер барлығымыз бир болып, аўызбиршиликли түрде жумыс алып барсақ, жетискенликлеримиз және де көбейеди, биз ийелей алмайтуғын шектиң өзи болмайды. Әндижан еле де абат болады, мен оған исенемен!-деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң соңында.
Мәжилисте ўәлаят ҳәм республика жуўапкерлериниң есабатлары, исбилерменлердиң усыныслары тыңланды.
ӨзА