Аўыл хожалығы қамсызландырыў қоры шөлкемлестириледи

«Аўыл хожалығы тәўекелшиликлерин қамсызландырыў ҳаққында» нызам қабыл етилди, деп хабар береди xs.uz.
Нызам аўыл хожалығы тәўекелшиликлерин қамсызландырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады.
Аўыл хожалығы өнимин ислеп шығарыўшылар аўыл хожалығы өнимин ислеп шығарыўда төмендеги бир ямаса бир неше тәўекелшиликлер бойынша аўыл хожалығы қамсызландырыў шәртнамаларын дүзеди:
– тәбийғый ҳәм техноген апатшылықлар;
– өрт;
– өсимликлердиң зыянкеслер ҳәм кеселликлерден зыянланыўы;
– аўыл хожалығы ҳайўанларының жуғымлы кесселиклердиң тарқалыўы ҳәм зәҳәрлениўи;
– жабайы ҳайўанлар тәрепинен егинлердиң зая болыўы ямаса аўыл хожалығы ҳайўанларына зыян жеткерилиўи;
– үшинши шахслардың ҳәрекетлери.
Аўыл хожалығы министрлиги усы тараўда муўапықластырыўшы мәмлекетлик уйым болып есапланады.
Аўыл хожалығының қамсызланыдырылыўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қамсызландырыў сыйлықлары ҳәм қайта қамсызланыдырыў қаржылары есабынан компенсация етилмеген бөлегин қаплаў ушын бюджет субсидияларын ажыратыў арқалы әмелге асырылады.
Ҳүкимет тәрепинен аўыл хожалығының қамсызландырыўшысы сыпатында Аўыл хожалығы қамсызландырыў қоры шөлкемлестириледи.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткен соң (14-июльде) күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги