Президент: Дүньядағы бүгинги экономикалық тербелислер шараятында ҳәр бир ҳәким айрықша жуўапкершиликти алыўы зәрүр

Президент Шавкат Мирзиёев Әндижан ўәлаятын комплексли раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар бойынша мәжилис өткермекте.
Әндижан ҳәмме тараўда реформалардың орынланыўына кирисип, адамлардың күнделикли турмысына унамлы өзгерислерди тез алып кирип атырған аймақлардан бири екени атап өтилди.
Өткен жылы ўәлаятта 4 мыңнан аслам жаңа исбилермен жумыс баслады, 51 кәрхана кишиден орта категорияға өтти, 13и ирилести. Бир жылда 450 мың халық жумыслы болды.
Ўәлаятта 1,5 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм 850 мың квадрат метр турақ жай емес объектлер бой тикледи. Оның есабынан өткен жылы саўда ҳәм хызметлер 13 процентке, санаат 7,5 процентке артты.
«Бирақ, өмир бир жерде тоқтап қалмайды. Адамлар ҳәр күни изленип, жаңа идея ҳәм басламалар менен шықпақта, алдымызға үлкен мәселелерди қоймақта», – деди Президент.
Усыны есапқа алып, ўәлаятқа қосымша 1 триллион сум қаратылатуғыны айтылды.
Ўәлаят ҳәкимлиги, ўәлаят шөлкемлери басшылары, 16 қала ҳәм район ҳәкимлери халық ҳәм исбилерменлерди ҳәр күни тыңлап, ҳәзирги пәтти сақлап қалыў шәрт екенлиги көрсетип өтилди.
«Дүньяда бүгинги экономикалық тербелислер шараятында ҳәр бир ҳәким айрықша жуўапкершиликти алыўы зәрүр», – деди мәмлекетимиз басшысы.
ӨзА