Әндижанда санаат экономиканың жетекши тармағына айланбақта

152

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде 15-апрель күни Әндижан ўәлаятына келди.

Аймақлардағы өзгерислер “ҳаўа дәрўазасы”нан-ақ көзге тасланады. Елимизде транспорт системасын раўажландырыў бағдарында жумыслар көлеминде Әндижан халықаралық аэропорты да модернизацияланбақта.

Сапар етиў барысында мәмлекетимиз басшысына бул ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бул аэропорт 1978-жылы қурылған болып, ҳәзирги талапларға сәйкес келмей қалған еди. Ушыў-қоныў коридорының жүк көтериў қәбилети төмен екени, заманагөй жақтыландырыў системасының жоқлығы себепли қатнаўларды қабыл етиў имканиятлары шекленген еди.

Бүгинги күнде реконструкция жумысларының биринши басқышы тамамланды. Узынлығы 3 мың 300 метр, кеңлиги 60 метр болған жаңа ушыў-қоныў коридоры, жүриў коридоры ҳәм самолётлар тоқтаў орны қурылды. Дренаж системасы жаңаланып, жер асты суўы қашырылды. Сондай-ақ, бул жерде екинши жүриў коридорының қурылысы даўам еттирилип, IKAО CАТ-II категориясындағы радар, метеорология ҳәм жақтыландырыў үскенелерин орнатыў жумыслары алып барылмақта.

Нәтийжеде  Boeing, Airbus маркалы ири самолётларды қолайсыз ҳаўа-райы шараяты ҳәм түнги ўақытларда да қабыл етиў мүмкин болады. Бул күнлик пәрўазлардың санын 10 есеге шекем арттырыў имканиятын береди.

Енди, екинши басқышта  жолаўшы терминалын жаңадан қурыў нәзерде тутылған. Бул арқалы жолаўшыларға хызмет көрсетиў қуўатлылығы саатына бурынғы 300 ден 1000 ға, пәрўазлар саны жылына 584 тен 3 мың 700 ге көбейеди.

Бул Әндижан қаласы ҳәм Ферғана ойпатлығына қатнаўлардың санын көбейтиўге хызмет етеди.

Жумысын қайта баслаған бул аэропортта ҳәзир Ташкент – Әндижан – Ташкент жөнелиси бойынша пәрўазлар әмелге асырылмақта.

Президентимиз бул жерде нәтийжели басқарыўды жолға қойыў, хызметлерди арзанлатып, жергиликли ҳәм халықаралық пәрўазларды көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Улыўма, елимизде аэропортларды модернизациялаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен жылларда Самарқанд, Термиз, Үргенш, Шаҳрисабз, Мойнақ, Қоқанд ҳәм Замин аэропортлары жаңаланды. Және бир қатар ўәлаятларда модернизация процесслери даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылдың февраль айында Әндижанға сапар етиўи барысында көплеген перспективалы жойбарлар менен танысып, ўәлаятта алып барылып атырғанлар қурылыс, дөретиўшилик жумысларының көлемин кеңейтиў, санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўларын жедел раўажландырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша тийисли ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Бул тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Өткен жылы ўәлаятта жалпы аймақлық өнимди ислеп шығыў көлеми 2023-жылға салыстырғанда айтарлықтай дәрежеде артты. Халықтың жан басына ислеп шығарылған жалпы аймақлық өнимниң көлеми 26,4 миллион сумды қурады.

Президент сапарының екинши мәнзили «WBM Romitex» кластериниң Әндижан қаласында қурылған жаңа кәрханасы болды.

«WBM Fabrics» деп аталған бул кәрхана қайта ислеў шынжырының гезектеги басқышы. Улыўма баҳасы 50 миллион долларлық инвестициялық жойбар шеңберинде заманагөй санаат имараты қурылып, Италия ҳәм Германиядан жоқары технологиялық үскенелер алып келинип орнатылды. Гезлемени бояў ҳәм гүл салыў жолға қойылды. Кәрхана жылына 24 мың тонна усындай өтимли өним таярлаў қуўатлылығына ийе. Жойбар шеңберинде 600 турақлы жумыс орны жаратылды.

Және бир итибарлы тәрепи, комплексте Италиядан алып келинген заманагөй суў тазалаў имараты қурылған. Онда бояў цехынан шыққан техникалық суў тазаланып, қайта пайдаланыўға қаратылады. Бул үнемлилик ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, қәнигелер менен сөйлести. Өндирис майданларынан нәтийжели пайдаланыў, энергияны үнемлеў арқалы өзине түсер баҳаны азайтыў, жумысшылардың кәсиплик маманлығын арттырыў мәселелери ҳаққында сөз болды.

Кәрхананың жумысы сыртқы базарға қәнигелескен, жыллық экспорт көлеми 55 миллион долларды қурайтуғынын атап өтиў керек.

Әндижан ўәлаятында тоқымашылық санааты жедел раўажланбақта. Аймақта жетистирилген пахтаны заманагөй кластер системасында терең қайта ислеў кеңейип атыр. Ўәлаяттың республика тоқымашылық санаатындағы үлеси 16,5 процент. 2024-жылы Әндижанда 20 триллион сумлық тоқымашылық өнимлери ислеп шығарылып, 488 миллион долларлық экспорт етилген. Бул ўәлаяттың улыўма экспортының 42 процентин қурайды.

Бул тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. 2024-жыл даўамында инвестициялық жойбарлар көлеминде үш жүз сексен жойбар әмелге асырылды. Онда тоқымышалық, санаат, қурылыс ҳәм аўыл хожалығы тараўлары салмақлы орын ийеледи. Бул жойбарларды иске түсириўдиң есабынан отыз еки мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды.

Президент Шавкат Мирзиёев Әндижан ўәлаятында 2025-жылы ерисилиўи режелестирилген тийкарғы мақсетлерге байланыслы презентация менен танысты.

Усы жылдың биринши шерегинде инвестициялық жойбарлардың нәтийжесинде ҳәм коммерциялық банклердиң қатнасыўында 77 мың пуқара жумыс пенен тәмийинленген.

Улыўма 2025-жылы 5 миллиард 700 миллион долларлық 166  инвестициялық жойбар әмелге асырылады. Бул арқалы 31 мың жумыс орны ашылады. 31 түрдеги жаңа өним алыў жолға қойылып, 1,5 миллиард долларлық экспорт имканияты жаратылады. Кәрханаларды турақлы энергия менен тәмийинлеўге 65 мегаватт жаңа қуўатлықлар жаратылады.

Бул жумысларды даўам еттирип, жылдың ақырына шекем 305 мың халықты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў мақсет етилген.

Презентацияда экономиканы диверсификациялаў, санаатты раўажландырыў, жаңа технологияларды енгизиў ҳәм өндирис қуўатлықларын кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. 2025-жылы экономикалық өсим пәти 5,5 процентке жетиўи күтилмекте.

Президент жуўапкерлерге жойбарларды өз ўақтында орынлап, халықты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў, жумыссызларды кәсипке бағдарлаў бойынша көрсетпелер берди.

Президент Шавкат Мирзиёев Әндижан ўәлаятының аймақлық санаат ярмаркасын барып көрди.

Бул жерде 110 кәрхананың 500ге шамалас өними презентацияға қойылған. Соның ишинде, автомобиль қурылысы, машина қурылысы, тоқымашылық, электр техникасы, санлы технологиялар, қурылыс материаллары, азық-аўқат, гүл жетистириў, пал ҳәррешилик, балықшылық ҳәм басқа тармақлардағы нәтийжели жойбарлар усынылған.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта ислеп шығарылып атырған кең түрдеги өнимлер ҳәм алдыңғы қолланбалар менен танысты, олардың белсендилери менен сәўбетлести. Жақсы тәжирийбелерди қоллап-қуўатлап, елимиз көлеминде ғалаба ен жайдырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы мақсетте ярмаркаға Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкенттен жуўапкерлер ҳәм исбилерменлер мирәт етилген. Олар өнимлерди биргеликте ислеп шығарыў, кооперация ҳәм саўда-сатық мәселелеринде пикир алыспақта.

Бүгинги күнде Әндижан ўәлаятында 11 мыңнан аслам санаат кәрханасы бар. Олардың республика санаатындағы үлеси 10 проценттен жоқары.

Атап айтқанда, аймақта 47 санаат зонасы шөлкемлестирилген. Оларда 2,3 триллион сумлық 1000 жойбар әмелге асырылған болып, 18 мың адам жумыс пенен тәмийинленген. Бул зоналарда 2024-жылы 1 триллион сумлық өним ислеп шығарылып, дерлик 31 миллион долларлық экспорт етилген.

Ҳәзирги күнде баҳасы 1 миллиард долларлық 288 инвестициялық жойбар әмелге асырылыў процесинде.

Соның ишинде, быйыл 119 жойбар иске қосылып, 4 мыңнан артық жумыс орны жаратылады. Санаат өнимлериниң экспорты 47 миллион долларға жеткериледи.

Өткен жылғы сапарынан соң, Алтынкөл районынан 16 гектар жер ажыратылып, мебельлерди кластер усылында ислеп шығарыў комплекси шөлкемлестирилген еди. Бул жерде 100 ден артық устахана, 236 шоурум ҳәм саўда орынлары жайласқан.

Әндижан елимизде халық тығыз жайласқан аймақ. Өзбекстанның 10 процент халқы 1 процент жеринде жасайды. Сонлықтан мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2021-жылы жаңа қала қурылысы басланған еди. Бул ретки сапарында Президент жойбардың дәслепки нәтийжелерин көрди.

Бул қала Әндижан районындағы кең далаңлықта, аўыл хожалығында пайдаланылмаған 4 мың гектар майданда қурылмақта. Қурылыс сегиз басқышта режелестирилген болып, ҳәзир 1 мың 770 квартиралы 63 жай пайдаланыўға тапсырылған. Сондай-ақ, 1 мың 680 орынлық мектеп, 420 орынлық балалар бақшасы, 250 қатнаўға мөлшерленген поликлиника қурылған. Жеңил санаат кәрханасы, ипотека орайы шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы аймақ бойлап жүрип, жаңа коплекслерди көзден өткерди.

Таяр үйлердиң көпшилигинде шаңарақлар көшип келип, жасамақта. Ойын майданшаларындағы балалардың қуўанышлары кеўиллерге заўық, қәтержамлық бағышлайды. Дөретиўшилик жумыслары жедел даўам еттирилип, быйыл мыңнан аслам квартиралы және 40 көп қабатлы жай салынады.

Имаратлар жол, электр энергиясы, тәбийғый газ, ыссылық сыяқлы зәрүр тармақлар менен тәмийинленген. Ишимлик суў жеткерип бериў ушын сыйымлылығы төрт мың метр куб болған суў сақлаў ҳәм жеткерип бериў объекти иске түсирилди.

19 гектар майданда «Жаңа Өзбекстан» бағы қурылып, он мың түптен аслам саяманлы терек нәллери, пута ҳәм гүллер егилди. Амфитеатр, дем алыў орынлары, декторатив жоллар, кафелер, балалар ойын майданшалары, жақтыландырыў системаларына ийе болған бағ Жаңа Әндижанның көрки болады.

Бул жердеги «Ватанпарвар боғи» үлкен символикалық мәниге ийе. Бағдағы «Ўатанға ант» монументи, музей, концерт ҳәм тамаша майданлары мийманларда үлкен тәсирлер қалдырады.

Жойбардың көлеми кең. Аймақтың 1 мың 439 гектарында 2 мың көп қабатлы турақ жай бой тиклейди. Сондай-ақ, көплеген саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары, 1 мың 820 гектарда жасыл аймақлар жаратылады. Қурылыслар питкеннен соң, бул жерде 410 мыңнан аслам халық жасаў мүмкин болады.

Усы жерде жаңа қурылыс ҳәм абаданластырыў жойбарлары таныстырылды. Оған бола, Әлийшер Наўайы атындағы дем алыў бағы оңланады. Жаңа Әндижанда Заҳриддин Муҳаммад Бабурдың естелиги орнатылады. Президент онда Бабурдың тулғасын ҳақыйқый сәўлелендириў, әтирапын бабурийлер мийрасы бойынша тематикалық паркке айланыдырыў бойынша өз пикирлерин билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа бағда өнерментшилик, көркем өнер ҳәм әмелий көргизбелерди тамашалады. Әндижанда ҳәр жылы художниклердиң фестивалын өткериў басламасын алға қойды.

Кейин Президент Шавкат Мирзиёев Әндижандағы «Жаңа Өзбекстан» бағындағы халық сейилине қатнасты.

Әндижанлы жаслар менен сөйлесиўде оларға жоқары исеним билдирди.

– Мәмлекетимиздиң ең әҳмийетли мақсетлеринен бири – жаслар сиясаты. Тәлим-тәрбия, мәҳәлле, бәнтлик, спорт системаларында әмелге асырып атырған жумысларымыз перзентлеримиздиң  мәплери ушын. Бизиң жасларымыз қәбилетли, талантлы. Бул қәбилет қашан жүзеге шығады? Мийнет болса. Билим алып, умтылған адам ҳеш қашан кәмбағал болмайды, жумысын табады. Сиз де оқып, изленип, заманагөй кәсип-өнерлерди ийелең. Бахытлы болыў ушын бүгин тийкар жаратыўыңыз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз Әндижанда жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери менен де ушырасты. Елимиздеги тынышлық-татыўлық, миллетлераралық татыўлық ең қәдирли жемис екени атап өтилди.

Бағдағы амфитеатрда концерт бағдарламасы көрсетилди. Мәмлекетимиз басшысы илажда шығып сөйлеп, ўәлаят халқына ҳүрметин билдирди.

– Инсан қәдирин улығлаў, халқымыздың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, сол тийкарда адамларды турмыстан разы етиў – Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған реформалардың бас мақсети болып табылады. Бүгин Ўатанымыздың барлық ўәлаятлары, аўылларында әне, усы мақсет қандай әмелий нәтийжелерди берип атырғанын көрип, әлбетте, бәршемиз шексиз қуўанамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Буның әмелий дәлилин гөззал ҳәм бийтәкирар Әндижан жеринде де айқын көриў мүмкин. Ўәлаятта санаат, исбилерменлик, аўыл хожалығы, бағлар жаратыў, көше ҳәм мәҳәллелерди абат етиў, хлық ушын мүнәсип мийнет ҳәм жасаў шараятларын жаратыў бойынша көплеген жумыслар исленбекте.

– Әндижан жеринде Жаңа Өзбекстан идеясы, Жаңа Өзбекстан нәпеси ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңараққа кирип бармақта, халқымызды уллы шеклерге шақырмақта. Бул – реформаларымыздың биз күткен, пүткил халқымыз күткен ең үлкен, ең әҳмийетли нәтийжеси, – деди Президент.

Әндижан елимиздиң тарийхый қалаларынан бири, ойпатлық гәўҳары болып табылады. Бүгинги күнде ўәлаятта барлық тараўлар жедел раўажланбақта. Ҳәзирги ўақытта бул жерде жүдә үлкен потенциал бар. Әне, усындай  имканиятларды иске қосыў, аймақты буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Жаңа Әндижан қаласы қурылмақта. Қысқа ўақыт ишинде бул жерде сулыў «Жаңа Өзбекстан» бағы да қурылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жумысларға үлкен үлес қосқан барлық инсанларға миннетдаршылық билдирди.

Әндижан Заҳриддин Муҳаммад Бабур туўылған дияр екени менен де белгили. Усы мүнәсибет пенен Шавкат Мирзиёев Жаңа Әндижан қалашасына Бабур қаласы деп атама бериў басламасын алға қойды. Буны әндижанлылар қуўаныш пенен қоллап-қуўатлады.

Бабур Мырза темирийлер цивилизациясының мүнәсип даўамшысы, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият қәўендери болған уллы тулға болып табылады. Ол бийтәкирар илимий ҳәм дөретиўшилик мийрасы менен миллетимиз, халқымызды пүткил дүньяға танытқан. Оның ҳүрметине өз алдына қала қурылса арзыйды. Бул Бабур Мырзаның кеўлинде қалған әрманларын жүзеге шығарыў жолында және бир тарийхый ўақыя болып қалатуғыны атап өтилди.

Қалада қәнигелестирилген бақша ҳәм мектеп, университет, музей, китапхана ҳәм IT парктен ибарат ири билимлендириў кластери қурылады. Жоқары оқыў орны қурамында ең жоқары талапларға жуўап беретуғын спорт комплекси де қурылады.

Бабур қаласы миллий қәдриятларымызды жәмлейтуғын руўхый орынға, жаслар ушын илҳам ҳәм ибрат, пәрўаз майданына, елимиздиң және бир туризм ҳәм мәденият орайына, заманагөй технологиялардан пайдаланылған «ақыллы қала»ға айландырылады.

Бул қала, тап уллы шайыр ҳәм ойшыл Наўайының исми қойылған әййемги қала сыяқлы, даңқлы тарийхымыз ҳәм келешегимиз арасында руўхый көпир болады, жаңа тарийхымыздан мүнәсип орын алады. Аймақтағы бағдың ең бийик орнында Заҳриддин Муҳаммад Бабурдың жаңа, саўлатлы естелиги орнатылады.

Бул мақсетлерди әмелге асырыў ушын бағдарлама қабыл етилип, 250 миллион доллар қаратылады.

– Бәршемиз билемиз, Заҳриддин Муҳаммад Бабур дүньяның қай жеринде, қайсы үлкесинде болмасын, бир өмир Ўатан сағынышы менен жасаған. Бүгин уллы  бабаларымыздың әрманлары орынланды, ол инсан өз елине руўхы менен қайтып келди, десем, сизлер де бул пикирге қосыласыз, деп ойлайман. Мине, усындай уллы, тарийхый күн бәршемизге мүбәрек болсын, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы 15-апрель Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллерин де шын жүректен қутлықлады.

Президент  Шавкат Мирзиёевтиң Әндижан ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖӘНИБЕКОВ,

Икрам АВВАЛБОЕВ,

Фахриддин УБАЙДУЛЛАЕВ,

ӨзАның хабаршылары