ЖДСШ бюджет ҳәм хызметкерлердиң санын қысқартпақшы

109

Дональд Трамп Ақ үйге қайтқанан соң, АҚШ халықаралық шөлкемлерге ажыратып атырған қаржыны қысқартыў ямаса улыўма ағзалықты тоқтатып, төлем төлемеў сиясатын жүргизбекте. Нәтийжеде көплеген қорлар қаржылай тәмийнатты қысқартып, үнемлиликке қәдем таслаўға мәжбүр болмақта.

Солай етип, жумыстың қысқарыўы орынланып атырған жумыс көлемин де шеклейди. Мәселен, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми АҚШ ағзалық ҳәм донорлық миннетиниң тоқталыўын жәриялаған соң, қаржы жетиспеўшилиги шараятында ислемекте.

«Франс Пресс» агентлиги ЖДСШ басшысы Тедрос Адханом Гебрейесустың ишки электрон почтасына сүйенип жазыўынша, жақында  структура басшылығы жыллық бюджетти 20 проценттен көбирек қысқартыў, хызметкерлердиң санын да азайтыўды усыныс еткен.

– Тек усы жылдың өзинде дерлик 600 миллион доллар шығынға ушырады, – делинген протоколда.  – Сонлықтан, 4,2 миллиард долларлық бюджетти және қысқартыў усынысы киргизилди. Бул гөзленген муғдардан 21 процент  аз.

Қысқасы, ЖДСШда жумыстың көлеми ҳәм хызметкерлериниң санын қысқартыўдан басқа илаж жоқ.

– Қысқартыў резиденциядан, жоқары басқарыўдан басланады, бирақ барлық дәреже ҳәм регионларға тәсир етеди, – делинген Гебрейесус хатында. – АҚШ шөлкемди тәрк етиў бойынша қарар қабыл етиўден алдын да қаржылай қыйыншылықты бастан өткерип атырған едик.

Гебрейесус қаржылай машқалаға шешим излеўге тоғыз ой алдын кирискенин айтты.

Трамп мәмлекет ЖДСШдан шығыўы ҳаққындағы пәрманға қол қойды. Жаңа ҳәкимшилик усы структура жетерли дәрежеде  нәтийжели емес екенлиги, сиясий тәсир  астында екени ҳәм Қурама Штатлардан оғада  көп қаржы сорап атырғанын атап өткен.

Жақында ғалаба хабар қураллары ЖДСШның 2025-жыл ушын бюджетиниң жетиспеўшилиги себебин ашып берди.

Жәрияланған мағлыўматқа бола, АҚШ төлеми тоқталыўы артынан шөлкем бюджетиниң жетиспеўшилиги 2025-жылы 600 миллион, 2026-2027-жылларда болса 1,9 миллиард долларды қурайды.

– Январь айында Трамп АҚШ глобал денсаўлықты сақлаў агентлигинен шығыўды жәриялады, бирақ бул  қарар тек 2026-жыл январьдан күшке киреди, – деп жазған журналистлер.

С.Раҳимов, ӨзА