Транзит тасыўларда руқсатнама мүддети 90 күн етип белгиленбекте

«Арнаўлы жүклер ҳәм әскерий структуралардың транзити ҳаққында»ғы нызамда транзит руқсатнамаларын бериўди бийкар етиў ҳаққындағы қарар арза алынған күннен баслап отыз күннен аспайтуғын мүддетте қабыл етилиўи, зәрүр жағдайларда бул мүддет созылыўы мүмкин екени белгиленген.
Бирақ, нызамда бул мүддетти создырыўға тийкар болатуғын жағдайлар ҳәм создырылыўы мүмкин болған мүддет шегарасы анық белгилеп қойылмаған.
Соннан келип шығып, «Арнаўлы жүклер ҳәм әскерий структуралардың транзити ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылып, транспорт тараўындағы нызамшылық жетилистирилмекте.
Бул нызам жойбары менен арнаўлы жүклер ҳәм әскерий структуралардың транзитине руқсатнама бериў ямаса оны бериўди бийкарлаў ҳаққындағы қарар арза алынған күннен баслап жигирма күннен аспайтуғын мүддетте қабыл етилиўи, зәрүр жағдайларда бул мүддет он күнге шекем создырылыўы мүмкин екени белгиленбекте. Арнаўлы жүклер ҳәм әскерий структуралардың транзитине руқсатнаманың әмел етиў мүддетин болса тоқсан күн етип белгилеў нәзерде тутылмақта.
Бул ҳүжжет Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде екинши оқылыўда статьяма-статья қарап шығылып, депутаталар жойбардың қабыл етилиўи логистика системасын раўажландырыў, транзит тасыўлардың көлемин арттырыў ҳәм нызамшылықтағы бослықларды сапластырыў ҳәм транспорт тараўындағы нызамшылықты жетилистириўге хызмет ететуғынын атап өтти.
М.Комилова, ӨзА