Ийгиликли идеялар үгит нәсиятланып, дослық, татыўлық жырланды

182

Бүгин, 15-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Өзбекстан – көп миллетли татыў шаңарақ”, атамасында фестиваль болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары  Р.Нуразизов, университеттиң профессор-оқытыўшылары менен  студент-жаслары, сондай-ақ, Наманган мәмлекетлик техника университети ҳәм Үргенш мәмлекетлик университетлеринен делегациялар қатнасты.

Дәслеп мийманлар студентлер тәрепинен исленген миллий кийимлер, қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбелерин тамашалады.

Илажды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашты. Фестивальда шығып сөйлеўшилер Президентимиздиң басшылығында миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, халықлар арасында өз ара аўызбиршиликти тәмийинлеў, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын еле де күшейтиўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығын сондай-ақ,  бүгинги күнде Өзбекстан өзиниң беккем тарийхый мийрасы, бай мәденияты ҳәм халықаралық байланыслары менен тек ғана Орайлық Азияда емес, ал пүткил дүняьдағы әҳмийетли мәдений ҳәм сиясий орайлардан бирине айланып атырғанлығы, «Жаңа Өзбекстан» деген түсиник тек ғана мәмлекетимиздиң жаңа сиясий системасын емес, ал халқымыздың жаңа дослық ҳәм мәдениятқа болған көзқарасын да билдиретуғынлығын айтып өтти.

Түрли миллетлер арасындағы мийрим-шәпәәт, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў бағдарында көплеген реформалар әмелге асырылмақта. Бул бийкарға емес. Өзбекстан раўажланыўының тийкары – бул турақлылық, тынышлық ҳәм халықлар арасындағы дослық болып есапланады. Мине, усындай орталықта жасап атырған ҳәр бир инсан өз потенциалын толық жүзеге шығарыўы, келешекке исеним менен қараўы мүмкин. Фестивальдың ең қызықлы бөлими жаслардың қатнасыўында болып өтти. Студентлер өзлериниң атқарып шыққан сахналық көринислеринде дослық, тынышлық, аўызбиршилик сыяқлы ийгиликли идеяларды үгит-нәсиятлап, елимиздиң раўажланыўына хызмет етиўге таяр екенликлерин көрсетти. Әлбетте, бундай илажлар тек ғана жаслардың қәлбинде миллетлераралық татыўлық, ўатансүйиўшилик ҳәм адамгершилик сезимлерин беккемлеп қоймастан, ал Өзбекстанның халықаралық майдандағы унамлы келбетин қәлиплестириўде де әҳмийетли орын ийелейди.

Бул фестиваль елимизде жасап атырған ҳәр бир миллет ўәкилиниң ана журты – Өзбекстан қушағында қаншелли еркин ҳәм тыныш өмир сүрип атырғанын және бир мәрте көрсетти. Сондай-ақ,  қатнасқан мийманлар, студент-жаслар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей татыў жасап атырғанынлығы рәңбә-рәң мәдений илажларда өз көринисин тапқанлығының гүўасы болды. .   Олардың ҳәр бири өзиниң бийтәкирар мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери менен елимиздиң рәңбәрең мәдений көринисине өз үлесин қосып келмекте. Өзбекстан дүньядағы аз санлы мәмлекетлерден бири болып, онда миллий татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик сиясаты мәмлекет дәрежесинде алып барылады. Ҳәр бир миллет ўәкилиниң өз ана тилинде сөйлеўи, билим алыўы, мәдениятын раўажландырыўы ушын барлық имканиятлар менен шараятлар жаратып берилген.

Республикамыз бойлап жумыс алып барып атырған жүзлеген миллий мәдений орайлар, миллий театрлар, дөретиўшилик бирлеспелер әне усындай имканиятлардың айқын дәлийли болып есапланады. Фестиваль  шеңберинде миллий липаслар көргизбеси, сахналық шығыўлар ҳәм концерт бағдарламалары жыйналғанлар нәзерине усынылды. Ҳәр бир шығыў, ҳәр бир қосық, халық аяқ ойынлары жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.



-Мәмлекетимизди  раўажландырыўдың тийкары – бул турақлылық, тынышлық ҳәм халықлар арасындағы дослық болып есапланады. Мине, бул дослық көринислер бүгин университетимизде болып өткен фестивальда өз көринисин тапты. Әлбетте бул дослық қатнасықлар мәмлекетимиздиң келешегин белгилеп, елимиздиң раўажланыўына тийкар жаратады,-дейди қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 3-студенти И.Утеўлиев.

Фестивальда студент -жаслар белсене қатнасып, олар өзлериниң атақарып шыққан сахналық көринислеринде дослық, тынышлық, аўызбиршилик сыяқлы ийгиликли идеяларды үгит-нәсиятлап, елимиздиң раўажланыўына хызмет етиўге таяр екенликлерин көрсетти. Әлбетте, бундай илажлар тек ғана жаслардың қәлбинде миллетлераралық татыўлық, ўатансүйиўшилик ҳәм адамгершилик сезимлерин беккемлеп қоймастан, ал Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайының артыўына да тийкар жаратады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги