Сенат Баслығы Түркия Республикасы Елшиси менен ушырасыў өткерди

Усы жылдың 15-апрель күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбоеваның Түркия Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Уфук Улуташ пенен ушырасыўы болып өтти.
Сөйлесиў барысында Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы мәмлекетлераралық ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды, сондай-ақ, еки тәреплеме байланысларды кеңейтиўдиң перспективалы бағдарлары белгилеп алынды.

Тәреплер Өзбекстан-Түркия қатнасықлары мәмлекет басшыларының турақлы сиясий сөйлесиўи ҳәм тығыз бирге ислесиўи нәтийжесинде жоқары дәрежелерди көрсетип, жедел раўажланып атырғанын айрықша атап өтти. Ерисилген нәтийжелерге қанаатланыў сыпатында, парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге болса еки тәреплеме стартегиялық шерикликтиң әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында қаралып атырғаны атап өтилди.
Ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиў мәселелерине, соның ишинде, болажақ сапарларды шөлкемлестириў, биргеликте илажлар өткериў еки мәмлекеттиң нызам шығарыўшы уйымлары арасында тәжирийбе алмасыўға айрықша итибар қаратылды.
Елши Уфук Улуташ Өзбекстан Республикасы Президентиниң жақында Түркияға әмелге асырған сапары шеңберинде ерилсилген келисимлердиң ҳәм қол қойылған ҳүжжетлердиң әҳмийетин айрықша атап өтип, бул келисимлер стратегиялық шерикликти раўажландырыўда жаңа басқышқа айланып атырғанын атап өтти. Сондай-ақ, Түркия Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды буннан былай да ҳәр тәреплеме қоллап-қуўталаўға таяр екенин тастыйықлады.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер халықаралық ҳәм регионаллық парламентлик структуралар, соның ишинде Түркий мәмлекетлер Парламент Ассамблеясы (ТүркПА) шеңберинде жедел бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.
ӨзА