Сырт ел китапханаларында сақланып атырған Өзбекстан тарийхына тийисли материалларды оқый алатуғын қәнигелер таярланады
206

Илимлер академиясы Тарийх институтында Қытай Жәмийетлик илимлер академияси Россия, Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия изертлеўлери институтларының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Тарийх институты директорының илимий ислер бойынша орынбасары Дилноза Жамалова ҳәм Орайлық Азия изертлеўлери институты директорының орынбасары Ли Чженли өз-ара бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барды.

Ушырасыўда өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў, Қытайдағы архив, музей ҳәм китапханаларда сақланып атырған, Өзбекстан тарийхына тийисли мағлыўматлар менен биргеликте ислесиў, әййемги қытайша текстлерди оқый алатуғын қәнигелер таярлаў, регионымыздың тарийхы ҳаққында Қытайда басып шығарылған илимий әдебиятларды алыў сыяқлы мәселелер додаланды.
Сондай-ақ, түркий халықлар, Орайлық Азия халықлары ҳәм Өзбекстан-Қытай қатнасықлары тарийхы бойынша биргеликте изертлеўлер алып барыўға да келисип алынды.
Н.Раҳмонова, ӨзА