Арал теңизиниң айрықша экологиялық әҳмийети

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасы ҳәм Глобал Қоршаған орталық қорының «Арал теңизи бассейни ландшафтының кризиске ушыраған жерлеринде турақлы өмирди тәмийинлеўди қоллап-қуўатлайтуғын тийкар сыпатында көллер, суў-батпақ ҳәм жағалық бойы аймақларын сақлаў ҳәм басқарыў» «Aral Sea Wetlands» биргеликтеги жойбары шеңберинде 3 мың 400 түп терек ҳәм путалар нәллери Қыпшақ мәмлекетлик тоғай хожалығы ҳәм Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватына ажыратылды.
Бул баслама Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья ўәлаятында тоғай ҳәм бағ нәллерин кеңейтиў, Аралбойы аймағының экологиялық турақлылығын беккемлеў ҳәм климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерин азайтыўға қаратылған.
Тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыўдың нәтийжели қуралларынан бири бул тоғайлар жаратыў болып, ол топырақтың өнимдарлы қатламын тиклеў ҳәм жер деградациясы нейтраллығы (YDN) мақсетлерине ерисиўге жәрдем береди. Өзбекстанның экологиялық көзқарастан ең әззи регионларынан бири болған Аралбойында экологиялық жағдайды жақсылаўда «жасыл белбеўлер»диң жаратылыўы үлкен әҳмийетке ийе.
«Aral Sea Wetlands» жойбары шеңберинде Төменги Әмиўдәрья ҳәм Арал теңизи бассейнлеринде экологиялық турақлылықты ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў мақсет етилген. Тийкарғы итибар жер деградациясының алдын алыў ҳәм қорғалатуғын аймақлар, тийкарғы биологиялық ҳәр түрли аймақлары ҳәм қуслар жоллары әтирапында суў ҳәм жерди комплексли басқарыўға қаратылған.
Арал теңизи бассейни аянышлы дәрежеде сайызлығына қарамастан, еле де айрықша экологиялық әҳмийетке ийе. 3 мың 400 түп мийўели терек нәли бағлар ҳәм терекликлер майданын көбейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм аймақ фаунасын және де байытыў имканиятын береди. Бул келешекте Аралбойында азық-аўқат ҳәм экологиялық қәўипсизликти беккемлейди.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА