Британиялы илимпазлар лабораторияда инсан тислерин жетистирди

Илимпазлар он жылдан аслам даўам еткен изленислерден соң лаборатория шараятларында инсан тислерин жетистириўге еристи. Олардың атап өтиўинше, келешекте бул технология пломба ҳәм имплантлардың орнын ең тәбийғый ҳәм нәтийжели тәризде ийелеўи мүмкин.
Ҳәзир жәмәәт бул технологияны лабораториядан клиникалық әмелиятқа енгизиў үстинде жумыс алып бармақта. Дәслепки баҳалаўларға қарағанда, буған бир неше жыл талап етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги