Қырғызстан СИМ Москваға нота жоллады
Қырғызстан Сыртқы ислер министрлиги Россия елшисине республика пуқараларының Москвада қамаққа алынғанын түсиндириўди сорап, нота тапсырды. Бул ҳаққында туўысқан мәмлекеттиң сыртқы сиясат уйымының баспасөз хаткери хабар берди.
– Россия тәрепине ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен өткерилген әмелият, сондай-ақ, пуқараларға күш ислетиўдиң тийкары ҳаққында мағлыўмат бериў, егер күш ислетиў нызамсыз болса, ҳәдийсе бойынша Москва қаласы ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллерине тийисли шара көриў талабы менен нота берилди, делинген билдириўде.
Ҳүжжетте Қырғызстан пуқараларының ҳуқықын қорғаў, еки мәмлекеттиң қатнасығына зыян келиўи мүмкин болған бундай жағдайлар тәкирарланбаўы ушын илаж көриўи шәрт екени атап өтилген.
Мәлим етилиўинше, 11-апрель күни Москвадағы «Бодрость» моншасында Қырғыз Республикасы пуқаралары қолға алынған. Кейинирек Қырғызстан Мийнет министрлигиниң анықлық киргизиўинше, жәми усланған 24 адамнан 20сы кейин қойып жиберлген, 4 адам болса Россиядан депортация етилген.
