Президент Әндижанға барды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде 15-апрель күни Әндижан ўәлаятына келди.
Аймақлардағы өзгерислер «ҳаўа дәрўазасы»нан-ақ көзге тасланады. Мәмлекетимизде транспорт системасын раўажландырыў бағдарындағы жумыслар шеңберинде Әндижан халықаралық аэропорты да модернизацияланбақта.


Сапар ўақтында мәмлекетимиз басшысына усы ҳаққында мәлимлеме берилди.
Бул аэропорт 1978-жылы қурылған болып, ҳәзирги талапларға сәйкес келмей қалған еди. Ушыў-қоныў жолының жүк көтериў қәбилетиниң төменлиги, заманагөй жақтыландырыў системасының жоқлығы себепли қатнаўларды қабыллаў имканиятлары шекленген еди.

Ҳәзирги күнде реконструкция жумысларының биринши басқышы питкерилди. Узынлығы 3 мың 300 метр, кеңлиги 60 метр болған жаңа ушыў-қоныў жолы, жүриў жолы ҳәм самолётлар тоқтаў орны қурылды. Дренаж системасы жаңаланып, жер асты суўы қашырылды. Сондай-ақ, бул жерде екинши жүриў жолының қурылысы даўам еттирилип, IKAО CАТ-II категориясындағы радар, метеорология ҳәм жақтыландырыў үскенелерин орнатыў жумыслары алып барылмақта.

Нәтийжеде Boeing, Airbus маркасындағы ири самолётларды да, қолайсыз ҳаўа райы шараяты ҳәм түнги ўақытларда да қабыллаў мүмкин болады. Бул күнлик пәрўазлар санын 10 есеге шекем арттырыў имканиятын береди.

Енди, екинши басқышта жолаўшы терминалын жаңадан қурыў нәзерде тутылған. Бул арқалы жолаўшыларға хызмет көрсетиў қуўатлығы саатына алдынғы 300 ден 1000ға, пәрўазлар саны жылына 584тен 3 мың 700ге артады. Бул Әндижан ҳәм Ферғана ойпатлығына қатнаўлар санын көбейтиўге хызмет етеди.
Жумысын қайта баслаған бул аэропортта ҳәзирги күнде Ташкент – Әндижан – Ташкент жөнелиси бойынша пәрўазлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде нәтийжели басқарыўды жолға қойыў, хызметлерди арзан етип, жергиликли ҳәм халықаралық пәрўазларды көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.
Улыўма, мәмлекетимизде аэропортларды модернизациялаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен жыллары Самарқанд, Термиз, Үргенш, Шаҳрисабз, Мойнақ, Қоқанд ҳәм Зомин аэропортлары жаңаланды. Және бир қатар ўәлаятларда модернизация процесслери даўам етпекте.
ӨзА