Түркиялы пуқараның мүрәжаты себепли «Uzbekistan Airways»ке илаж көрилди

Бәсеки комитети Анкара –Ташкент рейси менен ушқан Түркия пуқарасы ҳәм «Uzbekistan Airways» авиакомпаниясы арасында келип шыққан келиспеўшилик бойынша қарар қабыл етилди.
Оған бола, Түркия пуқарасы Комитетке мүрәжат етип, авиакомпанияның Анкара- Ташкент рейсинде жолаўшының денсаўлығы ушын әҳмийетли болған арнаўлы (глютенсиз) аўқат жеткерип бермегенлигин билдирген. Жолаўшы билет сатып алыў ўақтында өзиниң денсаўлығы менен байланыслы жағдайды алдыннан авикомпания менен келисип алған ҳәм авиакомпания усы арнаўлы аўқат рейсте тәмийинлениўин кепиллейтуғын болған. Бирақ, пәрўаз күни бул талап орынланбаған.
Буннан тысқары, мүрәжатта самолёт салонының санитария-гигиена жағдайы талапқа жуўап бермегени, жолаўшы отырған орында алдынғы рейстен қалған шығындылар бар екенлиги де көрсетип өтилген.
Комитет тәрепинен «Uzbekistan Airways» АЖ авиакомпаниясына жиберилген сораў бойынша өткерилген хызмет тексериўи нәтийжесинде жолаўшы ҳақ екенлиги, арнаўлы аўқатты Анкара аэропортындағы кейтеринг хызмети тәрепинен жеткерип берилмегенлиги тастыйықланды.
Нәтийжеде, жолаўшыға жеткерилген мәнаўий ҳәм материаллық зыянды қаплаў мақсетинде авиакомпания тәрепинен тутыныўшының кейинги рейсинде хызмет көрсетиў класын бизнес-классқа арттырыў ҳаққындағы қарар қабыл етилди ҳәм пайдалы қорғалыўы тәмийинленди.
Соның менен бирге, самолёт салонындағы санитария-гигиена жағдайы бойынша да жуўапкер шөлкемге қосымша қадағалаў илажлары орнатылатуғыны белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги