Туризм ҳәм дөретиўшилик жойбарлары таныстырылды

179

Президент Шавкат Мирзиёев 14-апрель күни туризм ҳәм дөретиўшилик жойбарларының презентациясы менен танысты.

Усы жыл 9-апрельде болып өткен видеоселектор мәжилисинде  мәмлекетимиз басшысы елимиздиң бай тарийхы ҳәм мәденияты, әжайып тәбиятын пайдаланып, туристлерди ҳәзиргиден  2-3 есеге көбейтиў мүмкин екенлигин атап өткен еди.

Усындай гөззал орынлардан бири – Бостанлықтағы «Чарвақ дәрўазасы» комплекси. Президентимиз өткен жылы декабрьде оның қурылысын барып көрген еди, жақында жойбардың биринши басқышы ашылды. Комплексте 16 көп қабатлы жай, 3 мийманхана, саўда ҳәм турмыслық  хызмет шақапшалары, кафе ҳәм ресторанлар, банк офиси, автомобиль туратуғын орын болады. Имаратлардың төбесине қуяш панеллери орнатылады.

Презентацияда комплекстиң кейинги басқышларын қурыў, туристлер ушын   тартымлылығын арттырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди. Оны арзан  ҳәм экологиялық таза энергия менен тәмийинлеў ушын Шыршық дәрьясында киши гидро электр станция қурыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Және бир жойбар Ташкент қаласының Яшнабад районында океанариум қурыўға қаратылған. Шыршық дәрьясы бойында 20 гектарға мөлшерленген бул океанариум туристлерди  тартатуғын және бир орай болады. Жанында саўда-мийманхана комплекси де қурылып, оларда улыўма 1 мың 600 жумыс орны ашылады.

Сондай-ақ, Яккасарай районында турақ жай ҳәм исбилерменлик орайын қурыў мөлшерленген. Онда көп қабатлы жайлар, бақша ҳәм мектеплер, спорт ҳәм саламатландырыў орайлары, мийманхана ҳәм саўда офислери болыўы нәзерде тутылған.

Президентимиз  жойбарлардың ҳуқықый, финанслық тәреплери ҳәм инфраструктура мәселелерин ҳәр тәреплеме ойлап, илажлар режесин ислеп шығыў зәрүрлигин  атап өтти. Жуўапкерлерге сапа ҳәм мүддетин анық белгилеп, орынланыўын қадағалаў тапсырылды.

ӨзА