Дыққат: енди автомобильлер менен байланыслы қағыйдабузарлықлар «Road 24» қосымшасы арқалы тексерилмейди

Енди айдаўшылар жеке автотранспорт қураллары менен байланыслы мағлыўматларды «Road 24» мобиль қосымшасы арқалы биле алмайды. Бул ҳаққында ЖҲҚХ мәлимлеме хызметиниң баслығы Зайир Йўлдошов мәлим етти.
Мәлим етилиўинше, «Road 24» қосымшасы ҳәм ЖҲҚХ арасындағы жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын белгиленген жәриймалар ҳаққында мағлыўмат алмасыў пүткиллей тоқтатылған.
Сондай-ақ, енди айдаўшылардан «Safe Road YHXX» қосымшасын жүклеп алыў арқалы жеке автомобили ҳаққындағы мағлыўматларды билип барыўы мүмкин екени де еслетип өтилген.
«Ҳүрметли айдаўшылар «Road 24» мобиль қосымшасы менен бирге ислесиў жуўмақланғаны себепли, қол телефоныңыздағы «Ap Store» ямаса «Play market» арқалы МЖҲҚХниң «Safe Road YHXX» қосымшасын жүклеп, дизимнен өтип алыўыңыз мүмкин екенин мәлим етемиз» – делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги