Әдилликке тигилген көзлер ойыла ма?

Европада иранлы илимпаз Ҳилоҳ Дутагий жала кампаниясы артынан жумыстан босатылғаны айтылмақта. Юридикалық факультет доцентиниң жумысы Газа геноцитин қаралағаны ҳәм Палестина халқын қоллап-қуўатлағаны ушын ЕА ҳуқық мектеби тәрепинен тоқтатылған.
Буннан соң белгили илмпазды қоллап-қуўталаў ушын көплеген академиклер, ҳәр қыйлы медиа шөлкемлер, сиясий ҳәм мәдений белсендилер биргеликтеги билдириў менен шықты.
«Ҳуқық ҳәм сиясий экономика» жойбары директорының орынбасары Дутагийди 28-март күни Израиль басылымы «терроршы» деп надурыс ат тағып, оның кампусқа кириўи қадаған етилген еди. Оның өзи жумыс ислеўи қадаған етилиўин Палестина бойынша позициясы ушын кек алыў ҳәрекети, сөз ҳәм академиялық еркинликке болған конституциялық ҳуқықы бузылыўы сыпатында қаралады.
Илимпаз қоллап-қуўатланған билдириўде «бул процесс жаўыз күшлердиң жумысын нызамластырылыўы, әдиллик принциплерине зыян жеткеретуғыны» атап өтилген.
Мусулмон Зиё, ӨзА