Трампқа қастыянлық ислемекши болған жигит өз ата-анасының өлиминде айыпланып атыр

224

АҚШтың Висконсин штатындағы орта мектеп оқыўшысы АҚШ Президенти Дональд Трампқа қастыянлық режесиниң бир бөлеги сыпатында өзиниң ата-анасын өлтирди, деп жазған ВВС.

17 жасар Никита Касап 28-февраль күни өз үйинде жансыз ҳалда табылған анасы – 35 жастағы Татьяна Касап ҳәм өгей әкеси 51 жастағы Дональд Майердиң жанына қас етиўде айыпланбақта.

Гүманланыўшының телефонынан «Тоғыз мүйешли орден» деп аталатуғын неонацистлер топарына тийисли ҳәм Адольф Гитлерге мақтаў мазмунындағы материаллар табылған.

Сондай-ақ, тергеўшилер айыпланыўшының Трампты өлтириў режеси ҳәм ҳүкиметти аўдарыўға қаратылған кеңирек мақсетиниң бир бөлеги сыпатында толық билдирген антисемит өзгешеликке ийе жазыўларды да анықлады.

– Ол Президентти өлтириў ҳәм Қурама Штатлар ҳүкиметин аўдарыў режеси бойынша шериклери менен байланыста болған, – дейди тергеўши.

Мусулмон Зиё, ӨзА