Мәдений илаж экологиялық акцияға уласты

241

Нөкис қаласындағы «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер үйи» нде «Өзбекстан-бирден-бир Ўатан!» атамасында байрам илажы шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған рус, қазақ, украин, корейс ҳәм түркмен миллий-мәдений орайлары ўәкиллериниң қатнасыўында қол мийнети көргизбелери, музыкалық-әдебий шығыўлар, ҳәр қыйлы бағдарларда жумыс алып барып атырған МКШ ўәкиллери өз жумысларын  кең түрде таныстырып өтти.

Байрам илажының көтериңки руўхта өткерилиўинде Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң хызметкерлери менен  партия ағзалары да белсене қатнасты.

Елимизде миллетлераралық татыўлықты сақлаў, жәмийетлик-сиясий тараўлардағы реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўдеги белсендилиги ушын миллий-мәдений орайлары партия тәрепинен «Ҳүрмет жарлықлары» менен сыйлықланды. Буннан соң илаж шеңберинде «Биргеликте бир күшпиз» сүрени астында түрли миллет ҳәм халық ўәкиллеринен ибарат эко-волонтёрлардың қатнасыўында экологиялық акция шөлкемлестирилип, нәллер егилди.



Қарақалпақстан хабар агентлиги