Трамп Қытайға бираз жумсарды

201

Қурама Штатлар смартфон, компьютер ҳәм басқа да айырым электрон қурылмаларды жоқары бажы төлеми, яғный Қытай импортына белгиленген 125 процентлик жыйымнан азат етти, деп жазды ААС. Бул АҚШ жетекшиси Дональд Трамп ҳәкимиятының ҚХРға болған сиясатындағы дәслепки әҳмийетли жеңиллик болып табылады. Бул жағдайды экспертлер «ойынды өзгертиўши сценарий» деп атамақта.

Бул қарар АҚШ технология компанияларының гаджет баҳасы кескин артыўы мүмкин екенлиги менен байланыслы қәўетерден кейин шығарылды. Себеби, бул үскенелердиң көпшилиги Қытайда ислеп шығарылады.

«Counterpoint Research» мағлыўматына бола, Америка «iPhone» ушын тийкарғы базар. «Apple» өткен жылғы смартфон сатыўының ярымынан көбисин қураған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги