“Expo Osaka 2025”да өзбек миллий павильоны ашылды

181


Өзбекстан усы жыл 13-апрельден 13-октябрьге шекем Японияда болып өтетуғын “Expo Osaka 2025” Пүткил жер жүзилик көргизбесинде қатнаспақта. Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры тәрепинен шөлкемлестирилген миллий павильонымызды таярлаў бойынша жумыслар Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги  менен биргеликте 2023-жылы басланған. Павильонның шериги Швейцарияның «Nussli Switzerland» қурылыс компаниясы болып есапланады.  Жойбар  белгили ATELIER BRÜCKNER (Германия) студиясы тәрепинен ислеп шығылған.

«Билимлер бағы» деп  аталатуғын усы басламаның нормативлик шешими теманың мазмун-мәнисин толық көрсетип, елимиздиң өтмиши ҳәм келешеги, көп әсирлик мийрасы ҳәм мәдениятының үйлесимлигин  көрсетеди.

750 квадрат метр майданды ийелеген үш қабатлы әйўанның дизайны турақлы раўажланыў принципине сәйкес,  тәбийғый  қураллар ҳәм модулли қурылмадан пайдаланған ҳалда қәлиплестирилген. Үш мүйиш түри Орайлық Азия халықларына тән дәстүрий тумардан илҳам алып сайланған. Қурылыста тәбийғый, қайта ислениўи мүмкин болған ағаш, ылай ҳәм гербиш қолланған.

Имартаттың сыртқы тәрепи өзбек кестеси,  нағысы ҳәм Өзбекстан символын көрсететуғын дәстүрий нағыс пенен безетилген.

Павильон келиўшилерге Өзбекстанның Турақлы раўажланыў ушын үш тийкарғы мақсети  – сапалы билимлендириў, қолайлы ҳәм таза энергия және  санаатластырыў, инновация ҳәм инфраструктураға муўапық әмелге асырылып атырған өгерислерди көрсетеди.

Көргизбе жойбары презентациясынан тысқары бағдарламадан бир қатар мәдений илажлар да орын алған.

“Expo Osaka 2025” көргизбеси  японшадан аўдарма етилгенде «Әрманлар атаўы» мәнисин  аңлататуғын Юмешима  жасалма атаўында өтеди.

Өзбек миллий павильоны көргизбениң батыс бөлегинде, тийкарғы қатнасыўшы мәмлекетлердиң павильонлары орайлық айланасында жайласқан. Үш қабаттан ибарат әйўанда  – ҳәрекетлениўши платформа келиўшилерди  тәсирли саяхатқа алып шығады.

“Expo Osaka 2025” күншығыс елиниң Аити қаласында болып өткен  әнжуманынан кейин 20 жыл  ишинде  Японияда өткерилип атырған  биринши халықаралық көргизбе есапланады.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА