«Паркент тәжирийбеси» кеңнен ен жаймақта

Бозатаў районында «Автоматластырылған мәҳәлледе газ есаплаў балансын жүргизиў» ҳәм «Паркент тәжирийбеси» атамасында көргизбели семинар болып өтти.
Семинарға Бозатаў районы ҳәкими Б.Уббиниязов, «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы директоры С.Ерлепесов ҳәм филиалға қараслы қала ҳәм районлардың газ тәмийнаты бөлимлери басшылары қатнасты.
Семинар даўамында қатнасыўшылар үлги сыпатында таңлап алынған Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйынларында «Автоматластырылған мәҳәлледе газ есаплаў балансын жүргизиў» ҳәм «Паркент тәжирийбеси» тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Күнниң екинши ярымында семинар қатнасыўшылары «Бозатаў тумангаз» газ тәмийнаты бөлими тәрепинен тәжирийбе тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткерди.
Онда дәслеп Бозатаў тумангаз газ тәмийнаты бөлими тәрепинен посёлка аймағында шөлкемлестирилген ыссыхана да помидор ҳәм қулпынай өнимлерин жетистириў усыллары менен кеңнен танысып, бул бойынша қәнигелердиң пикир-усынысларын тыңлады.





Буннан соң жеке хожалықлар ҳәм көтере тутыныўшыларды тәмийинлеп турған газ тармақларын тәртиплестириў ҳәм олардың халыққа узақ мүддет хызмет етиў сапасын жақсылаў мақсетинде, Бозатаў тумангаз газ тәмийнаты бөлими ислеўшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған бетон бағаналар менен танысты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы