Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги апрельди «Инженерлик айлығы» деп жәриялады

227

«Инжеренлик айлығы» шеңберинде техника бағдарындағы жоқары оқыў орынларында ҳәр қыйлы таңлаўлар ҳәм жарыслар өткериледи.

Сондай-ақ, 15-17-апрель күнлери Ташкент қаласында «Келешек инженерлери» халықаралық фестивалы болып өтеди.

«Келешек инженерлери» халықаралық фестивалы шеңберинде қәбилетли жаслар арасында ҳәр қыйлы жарыслар шөлкемлестириледи:

– «Drone racing»

⁃ Ҳаўа урысы

⁃ Ракета моделлестириў

⁃ Роботлар урысы

⁃ Робототехника жарысы

⁃ 3D моделлестириў жарысы

⁃ Инженерлик қолланбалар көргизбеси

⁃ Авиамоделлер көргизбеси

⁃ “Art Engineering” таныстырыўлары

⁃ “Санаат машқалалары ушын шешимлер” хакатоны

Инженерлердиң қатарына қосылың ҳәм өз келешегиңиздиң артитекторына айланың!

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги