АҚШ изертлеў орайы менен бирге ислесиў орнатылды

178

Вашингтон қаласына сапары шеңберинде Орайлық Азия халықаралық институтының директоры Жавлон Ваҳобов Каспий сиясий орайы Қәўипсизлик ҳәм сиясат бағдарламасының баслығы, басқарыў кеңесиниң ағзасы Ричард Холганд пенен бирге ислесиў ҳаққында  келисимге қол қойды.

Өз-ара сөйлесиў ўақтында мырза Хогланд  бул ўақыяның айрықша әҳмийетин атап өтип, бул баслама қәўипсизлик, экономика ҳәм турақлы раўажланыў тараўларында илимий излениўлерди тереңлестириў  ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын жаңа имканиятлар ашатуғынын атап өтти.

Өз гезегинде Ж.Ваҳобов бул мәкеме ОАХИ  қатнасық орнатқан биринши Америка таллаў орайы екенине әҳмийет қаратты. Оның пикиринше, қол қойылған келисим илимий ҳәм эксперт алмасыўын кеңейтиў, академиялық бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.

Тәреплердиң атап өткениндей, бул ҳүжжет және де кеңирек ҳәм системалы шериклик ушын тийкар жаратады. Экономика, сиясат, энергетика, кең Транскаспий орайында регионаллық өз-ара байланыслылық сыяқлы изертлеў бағдарларын қамтып алған.

Каспий  сиясий орайы Вашингтонда жайласқан ғәрезсиз коммерциялық емес шөлкеми болып, региондағы ең әҳмийетли мәселелерге итибар қаратады. Улыўма машқалаларды тереңирек аңлаўға хызмет ететуғын изертлеўлер, сөйлесиўлер ушын қолайлы майданға айланыўға умтылмақта.

Ғ.Хонназаров, ӨзА