Халықаралық қаржы корпорациясы менен бирге ислесиў беккемленди

175

Өзбекстанның инвестициялық тартымлығын арттырыў жолында және бир әҳмийетли қәдем қойылды. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги Жәҳән банки топарына киретуғын Халықаралық  қаржы корпорациясы (IFC) менен бирге ислесиў ҳаққында келисимге қол қойды.

Турақлы экономикалық раўажланыў ҳәм  абаданлыққа ерисиў бойынша избе-из  шериклик тарийхында жаңа бет ашатуғын  бул келисим Лазиз Қудратов бысшылығындағы делегацияның АҚШқа сапары шеңберинде әмелге асырылды.

Мәмлекетимиз инновациялық экономиканың өсиўиниң тийкарғы факторы болған альтернатив инвестицияны  хошаметлеў ҳәм раўажландырыў ушын зәрүр есапланған нормативлик-ҳуқықый дәректи  жедел жетилистириўге қаратылған  ҳүжжетке бола, IFC министрлигимизге альтернатив  тараўына байланыслы алдынғы нызамшылықты енгизиўде   техникалық жәрдем көрсетеди. Жойбар инвесторлар ушын және де қолайлы шараят жаратыў, қаржылай жәрдем тартыў имканиятын кеңейтиў ҳәм бизнес ушын жаңа имканиятлар ашыўға хызмет етеди.

Нәтийжели ушырасыўда тәреплер, соның ишинде, инвестиция  ҳәм арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери топламын ислеп шығыў мәселесине айрықша итибар қаратты. Ҳәзирги процесстиң исбилерменлик оратлығын жақсылаўдағы әҳмийети атап өтилди.

Миллий экспертиза ҳәм жаңа инвестиция қуралларын нәтийжели тәртипке салыў ушын зәрүр болған институционаллық структураны қәлиплестириўде IFC   жәрдеми  әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы структура экспертлериниң болажақ сапары өз-ара бирге ислесиўди және де тереңлестириўи, реформалардың  әмелий тәрепин  ислеп шығыў имканиятын беретуғыны гүмансыз.

Сөйлесиў даўамында июнь айында болып өтетуғын Ташкент халықаралық инвестиция  форумы темасы да көтерилди. Әнжуман Өзбекстанның инвестиция потенциалын,  мәмлекет аймақларында перспективалы  жойбарларды қаржыландырыў көлемин кеңейтиў менен байланыслы  стратегиялық имканиятын көрсетиў ушын әҳмийетли майданға айланыўы күтилмекте.

Г.Саттаров, ӨзА