Ҳадал мийнет пенен келген несийбе

Гүрриң
Сапураның Россия мәмлекетине келгенине де еки айға шамаласты. Омский крайдағы суўықтың соншелли дәрежеде екенлигинен бетиңди кесип кетейин дейди. Бир айға шекем жасаў орнына есапқа алыў мәселелери менен бирге жумыс табыў машқаласы менен жүрген ол, достым деген Айгүлдиң қам гәпине исенип келгенлигине пушайман болып, басын қай тасқа урарын билмеди.
-Ҳәййй достымаў. Бүйтип мектептиң полын жуўып жүргениң менен кесең ағармайдығо. Күйеўиң болса қамалып кетти. Оның қашан шығып келери нагүман. Балларың үлкейип киятыр. Оларды бул табысың менен баға алмайсаң. Соның ушын мениң менен жүр. Балларыңды енең бағады. Мени көрдиңғо үш жылда жай алып, машын миндим,-деген Айгүлдиң гәпине мумдай ерип, оған ерип барағойса тез арада байып кететуғындай ойлады.
-Қәйдем балам. Мениң мынаў отырысым. Бир аяғым төрде болса, бир аяғым гөрде. Балларың еле жас. Мектеп оқыўшысы. Я әкеси болмаса буларға қарайтуғын. Аўқаты, кирине ким қарайды. Қызлар өзлериниң бала-шағасынан аўыспайды. О нашардың гәпине ерип барып, және пушайман жеп қалма. Өзи исенимли адамба?
Енесиниң бул гәпинен соң Сапура еки ойдың ортасында қалды. Айгүлге толық исениў керекпе, деген сораўға «ҳай, мени алдап өлиппе. Мени алдаған менен оған не мәп. Қудайлығын ойлараў. Олда үйи -жайынан безип бала-шаға деп жүрғо» деген ойлар менен өзин жубатты. Бармаўға да шарасы болмай тур. Күйеўи билқастан адам өлтирип қойып, он төрт жылға қамалып кетти.
Мине, еки жылдан берли усы бир қыз еки улын бағаман деп талай тарығыўды басынан өткерип киятыр. Үлкейген сайын оларға кететуғын шығын да көбейип атыр. Оннан кийим-кеншеги, таярлыққа ақша, аўырса дәри-дәрмаққа пул. Мына үлкен үйдиң шақырығыда таўсылар емес. Бирине барса, биринен қалып еплеп ағайин-туўғанның да кеўлин алып киятыр. Енесиниң алатуғын азырақ пенсиясы өзиниң дәрисинен аўыспайды. Ағайын менен туўысқанның бары жақсы тек. Өзлеринен аўыстырып ҳеш нәрсе бере алмайды. Әри ойланып, бери ойланып ақыры соң усы тарығыўлар жанына тийгенликтен ол Россияға кетиўди лазым тапты.
-Ене Айгүл мектепте бирге оқыған достым. Оған исенсем болады. Барып жумыс ислемесем мына кирттай айлық ҳеш нәрсеге жетпей атыр. Тәўекел Алла деп кете берейин. Өзиңиз қарайсызғо балларға. Сиңлим Тазахан менен Ақбийкеште келип қарасып турар. Қудақалесе бәри жақсы болады ене. Арзыгүл де быйыл алтыншы класс болып қалды. Үй жумыслары, қазан-табақ жуўыў бәрин өзи ислейди. Мен барып жумысларым жүрисип кетсе ақша жиберип тураман сизлерге.
-Тап мен усы мәселени намақулырақ көрип турманаў. Нашар адамға сыртта жүриў, бийтаныс жерлерде талап ислеў бизиң шаңарағымызға туўра келмейди. Мына баллардың қасында болмасаң тәрбиясы бузылып кетеме деймендә. Балам Султамурат болғанда бундай жағдайларға түспес едикаў,-деп енеси Тәжигүл кемпир көзлерине жас алып, орамалының ушы менен әжим басқан жүзлерин сыпырды.
Султамурат пенен Сапура бир-бирин унатып, кеўил қойып турмыс қурды. Олардың туңғыш қызы туўылғанда шаңарағында шашыўлар шашылып, бахытлы күнлер оннан соңғы еки улы туўылыўы менен даўам етти. Үшинши улы дүньяға келген ўақытлары қайын атасы қан басымы кеселлигинен наўқасланып, дүньядан көз жумды. Арадан көп ўақыт өтпей бир бахытсыз ҳәдийсе себепли Султамурат жазаланып, жыл кесилип кетти. Үйине сантехник шақырып, кранларын оңлатып, азы-кем жумысларды ислетип алайын деген оның ойы кеўилсиз ҳәдийсе менен жуўмақланды. «Жүз грамм» ның изи көбейип, сантехник пенен сен-менге келип, айқасып, ақыры қолайсыз жығылғанлығы себепли келген мийманының басы арматураға тийеди. Көп қан жоғалтып, емлеўханада көз жумған сантехниктиң өлим жағдайы Султамураттың мойнына түседи…
Мине, шаңарақтың аўыр жүги еңсесине түскен Сапура енди еки жолдың ортасында я ары, я бери барарын билмей ақылдан сасқалақлап турғаны. Ақыры соң, енесине бар жағдайды түсиндирип, достым деген Айгүлдиң изине ерип, Россияға қарай жол алды.
Айгүлдиң аўзының суўын қуртып мақтағаны «Шешемниң май дегени, торақ шықты» дегениндей болды. Кишкене ғана бөлмеде жигирма адам турады екен. Кирей пулда оңбағандай қымбат. Тап-тар бөлмеде нешше адам тығылысып жатып, азанда шала-шарпы ишип жеп, жумысларына қарай асығатуғын олар кеште қараңғы түскеннен соң жыйналады. Ҳәр қайсысы ҳәр жақта ислейтуғын адамлар, түрли миллет ўәкиллери. Айгүл болса буны жайластырды да «мениң басқа жақта жумысым бар. Саған қолайлы жумыс болса излестиремен. Соған шекем усы жерде болып тур. Ҳәзирше прописка мәселесин жумыслап беремен» деп кеткенине бир ҳәпте болды. Ҳәмме жумысқа деп кетеди, бул болса қолаңсаның ийиси менен чесноктың сасық ийиси сиңип қалған ханада азанлы-кеш бир өзи қалады. Хананы самаллатады, тазалайды, қазан-табақларын жуўып, кешке аўқат асып қояды. Усы хызметлери ушын ол бийпул аўқат жейди. Тоғыз күн дегенде Айгүлдиң қарасы көринди.
-Ўайбуў достымаў. Саған жумыс табыў қыйын болдығо. Ана күни занитлеп кеткен жумысыма басқа биреўди алып қойыпты,-деди күте-күте шыдамы таўсылған Сапураның алдында өзин ақлап.
-Сенде ҳүждан, ўәдеге опалық барма өзи. Мени алдап алып келип, кейнинде не қылдың. Бул сасық хананың боқ-сидигин тазалаў ушын келген жоқ едимғо. Бир фабрикада жумыс бар, тек қадақлап отырсаң болды, жеңил жумыс. Айлығы жақсы дегениң қәне. Я берип кеткен телефон номериң де ислемейди. Мына қырғыздан, өзбектен, қазақтан келген досларымыз саў болсын. Солар жәрдем берип қарасып келди нешше күннен берли,-деп Сапура Айгүлге ғәзеп пенен сөйледи.
-Яқшы достым. Сен ҳақсаң. Телефонымды жойтып қойдымғо. Менде бир адамның үйинде ислеймен. Ҳеш былай-былай шыға алмадым,-деди жалтақ-жалтақ қарап, ҳийлекерлик пенен сөйлеп. Қулласы достым, саған хош хабарым бар. Жумыс таптым.
-Қандай жумыс?
-Бир кемпир бар сексенге шыққан. Жалғыз баслы. Қызы сырт елде жасайды екен. Кемпирге қарайтуғын ҳаял елине қайтып кетипти. Домда турады. Разы болсаң ҳәзирше соны бағып турасаң.
-Айгүл не деп турсаң. Келисим ондай емес едиғо. Мен не елимнен, үйимнен кешип енди усы жақта кемпир бағаманба?
-Илаж не. Басқа шара жоқ. Бул жақта ҳәмме сондай. Пулды жақсы төлесе, қандай жумыс болса да ислей бересең.
Олардың бақырыс-шақырысы узаққа созылды. Сапура ашыўға буўлығып бир жылап алды. Ақыры соң нәилаж сол жумысты ислеўге көнди.
Орыс кемпир жүдә ынжық еди. Аўыра берип, шыртылдақ болып қалған кемпир менен Сапураның тил табысыўы қыйын болды. Бир жерде ишип-жеп, ҳәрекетсиз жатырған кемпирдиң семизлигинен оны отырып, турғызыў, шомылдырыў жумысларында Сапура қатты қыйналды. Русшаны да шала билетуғын оған айтқанына түсинбесе кемпир қолындағы затын да ылақтырып жиберетуғын еди. Ҳәссений, деп тисленип турады да анасы менен енеси ядына түсип, оның барлық ынжықлығына көнеди.
-Кемпирдиң барлық айтқанын тыңлап, жақсылап қара. Сырт елде жасайтуғын қызына шағым етсе аўҳалымыз шатақ болады. Ол судқа берип, жазалаўдан да қайтпайды. Айгүлдиң қорқытып сөйлегенине ол ойланып қалды. Бул қалай болды. Өзи қартайып отырған кемпир болса, бир жазатайым ис болып өлип-пөлип қалса не қыламан. Маңлайым, бул жақларда аўырыў кемпир бағып жүргенше, өз елимде пол жуўып, Алланың берген несийбесине көнип, енеме хызмет етип жүре бергеним жақсы едиғо, деген ойлар оны қыйнар еди.
Арадан өткен бес ай ишинде Сапура кемпир менен тәўирақ тил табысып алды. Оған ҳәр қыйлы қарақалпақша аўқатлар писирип берип, кеўлинен шыққанлықтан «Дай Бог моей дочери Сапуре долгих лет жизни и здоровья. Я им очень благодарен,- деп оған рахмет айтып отыратуғын кемпирге де үйренисип қалды. Ҳәр айда үйине пул жиберип турғанлығына кеўли де тоқ. Кишкене баласының телефоннан «апа қашан қайтасаң» деп жылағанын, қызының буған билдирмесе де қамсығып телефоннан сөйлегенлеринен кеўли өксип, оларды сағынып жылап алады.
Айгүлдиң ойы басқа еди. Оны жарылқап, тап ақшаға мыйығынан батағойсын деп алып келген жоқ еди. Сапураға кемпирди бақтыртыў оның әзелден режедеги ҳийлеси еди. Ол кемпирдиң сырт елдеги қызы менен сөйлесип, кемпир өлгеннен соң жайды өзиниң атына өткерип бериў шәртине келискен еди. Соған шекем исенимли адамға бақтыртып, жақсылап қараўды ўәде берди. Бирақ, Айгүлдиң ҳийлеси иске аспай қалды. Кемпир өзиниң жағдайын билдиме, өзине жақсылап қараған Сапураға жайды атына өткерип бериўди мақул көрди.
Кемпир бирден еки күн қатты аўырда да, көз жумды. Қоңсылары оның Англияда жасап атырған қызына хабар берди. Оксана жетип келди де анасын жерлеў ушын тийисли орынларға хабарласып, соған шекем сақлап бериў ушын моргка тапсырды. Сол аралықта ол Сапурадан анасы не ушын өлгенин, жағдай қалай болғанлығын сорады. Ол да болған жағдайды түсиндирип, кемпирдиң жазып кеткен бир бет қағазын оған тапсырды. Оксана қағазды ашып оқыды да;
-Спасибо, спасибо вам болшое. Я тебе очень блогадарю,-деп Оксана көзлерине жас алып, Сапураны қушақлап алды. Хатта Сапура кемпирге өз анасына қарағандай етип қарағанлығын, оған өзи жасап атырған квартираны атына өткерип бериўин ҳәм қолынан келгенинше жәрдемин аямаслығын айтып, қызына ўәсият еткен екен.
Бул жағдайлардан хабар тапқан Айгүл шарбаяланып урысып келгени менен Оксана оны тыңламады.
Кемпирдиң жерлеў мәресиминен соң Оксана барлық ҳүжжетлерди нызамлы түрде әмелге асырып, квартираны анасы айтқанындай етип Сапураның атына өткерип береди ҳәм кетеринде бир қысым долларды оның қолына услатады. Ҳәр күни маңлай тери менен алғыс алып, туўры жол менен перзентлерине ҳадал ырысқы жегизген Сапура Алланың мәрҳаматы менен Айгүлдиң ҳийлесинен аман қалып, елге қуўанышлы түрде қайтты. Ол самолётқа отырған ўақытта, Айгүл таўламашылық ҳәм адам саўдасы жынаяты менен қолға алынып атырған еди…
Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги