Ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мәселеси додаланды

161

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң “Ишки ислер уйымлары аймақлық бөлимлериниң басшыларын жоқары билимлендириў шөлкемлерине бириктириў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы Биргеликтеги қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары – Тергеў басқармасы баслығы тәрепинен “Пийшемби профилактика күни” мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде профилактикалық үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти.

Илажды университеттиң Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов ашып берди ҳәм алып барды, – деп мағлыўмат береди ҚМУ Баспасөз хызмети бөлими.

Өткерилген илажда ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардың жүз бериў себеплери ҳаққында пикир алысылды.

Сондай-ақ, кибер мәканда жүз берип атырған жынаятлар ҳәм оларға имканият берип атырған шараятлар додаланды.

Студент-жаслар тараў қәнигелеринен өзлерин қызықтырған барлық сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги