Депутаттың жумысына ҳақыйқый баҳаны сайлаўшылар береди

Демократиялық жәмийетте сайлаўшылар өз ўәкиллериниң жумысын бақлаў ҳәм баҳалаў ҳуқықына ийе. Усы көзқарастан, депутатлардың өз сайлаўшыларына есап бериўи үлкен әҳмийетке ийе.
Бул процесс тек ғана депутаттың жуўапкершилигин арттырып қоймастан, ал сайлаўшылар менен ашық ҳәм нәтийжели байланысты тәмийинлеп, билдирилген исенимди толық ақлаў жолында жумысын таллаў имканиятын береди.
Нөкис қаласы “Қутлы мәкан” МПЖ аймағында жайласқан 35-санлы улыўма билим бериў мектебинде партиямыз белсендиси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Мурат Атамуратовтың сайлаўшылар менен ушырасыўы да жоқарыдағы мәселелер бойынша әҳмийетли болды.
Дәслеп илажда шығып сөйлеген “Қутлы мәкан” МПЖ баслығы Замира Қутлымуратова соңғы жыллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында сөз етип, депутатлар халық ўәкиллери сыпатында өз сайлаўшылары алдында есап беретуғынлығы, олардың жумысы сайлаўшылар тәрепинен баҳаланытуғыны әлбетте, есабат берип атырған депутат пенен биргеликте оның партиясы ушын да бирдей әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Депутат сайланған 2-санлы “А.Досназаров” сайлаў округи жайласқан аймақтағы мәкан пуқаралар жыйынлары жуўапкерлери ҳәм сайлаўшылар, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкем ўәкиллери, жәмийетлик белсендилер, нуранийлар қатнасқан илажда депутат Мурат Атамуратовтың 2025-жылдың биринши шерегиндеги жумысы бойынша есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, есабат дәўиринде депутат өз жумысын мәмлекетимиз нызамшылығының тийкары – Өзбекстан Республикасы Конституциясы, оннан келип шығатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм партияның Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген “Реформа реформа ушын емес, инсан мәплери ушын” принципин турмысқа енгизиў, халықтың бәнтлигин ҳәм реал дәраматларын избе-излик пенен арттырыў, социаллық тараў, пуқаралардың денсаўлығын сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, инфраструктураны жетилистириў, илим ҳәм билимлендириў тараўын раўажландырыў, шаңарақты, мәмлекеттиң жаслар сиясатын беккемлеў бойынша тийкарғы мақсетлер тийкарында нәтийжели шөлкемлестирип, бул бағдарда салмақлы нәтийжелерге ерискен.
Соның ишинде, депутат тәрепинен өткен дәўирде 50 ден аслам пуқаралардың мүрәжатлары бойынша қабыллаўлар шөлкемлестирилип, халықтың бир қатар наразылықларына себеп болған мәселелерге унамлы шешим табылған.
Соның менен бирге, аймақтағы мәҳәллелердиң көшелери, тротуар жоллары ҳәм олардағы жақтыландырыў системаларында анықланған кемшиликлер бойынша сайлаўшылардың депутатымызға еткен мүрәжатлары тийисли тәртипте шөлкемлестирилген әмелий илажлар нәтийжесинде избе-излик пенен сапластырылған.
Басламашы депутатымыздың жумысына бағышланған есабат илажы оның аймақтағы көплеген мәселелерде сайлаўшылардың исенимин ақлаўы, халықты разы етиўге қаратылған әмелий жумыслары менен әҳмийетли болды. Қалаберди, келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм мақсетлер бойынша өз-ара пикир алысылды.

Сондай-ақ, депутат 2025-жылдағы режелер, мәҳәлле халқын қыйнап атырған машқалалар менен де ортақласты. Көп жыллардан берли итибардан шетте қалып киятырған ишки көшелерге асфальт төсеў, гөнерген сым ағашларды жаңасына алмастырыў, трансформатор орнатыў, қыйтақ жерлерди суўғарыў ҳәм кадастр мәселелери, мәҳәлледеги “Гүлжан,” “Аязқала,” “Толыскөл,” “Жүйрикбас,” “Нәўше” ҳәм “А.Отениязов” көшелериниң бойына светофор, пиядалар өтиў жолы ҳәм тезликти пәсейтиўши өтиў жолын орнатыў ҳәм 35-санлы мектепке заманагөй асхана қурып бериў бойынша мүрәжатлардың шешими үйренилди.
Есабат ушырасыўы даўамында халықтың машқалалары ҳәм мүрәжатлары бойынша жуўапкер шөлкемлерге тапсырмалар берилип, әмелий жәрдемлер көрсетилди.
Әлбетте, депутаттың жумысына ҳақыйқый баҳаны сайлаўшылар береди. Илажда шығып сөйлеген аймақтағы МПЖ баслықлары ҳәм сайлаўшылар депутат Мурат Атамуратовтың жумысын унамлы баҳалап, оның өткен дәўирдеги искерлигине байланыслы бир қатар унамлы мысалларды атап өтти.
Халық ўәкили бүгинги жаңаланыў ҳәм өзгерислер процесинде белсене қатнасып, айырым тараў ҳәм системаларда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыўда, электорат мәпин қорғаўда өз мойнындағы жуўапкершиликти нәтийжели атқармақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги