Өзбекстан ҳәм Жәҳән банки арасындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилмекте

248

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров ҳәм Жәҳән банкиниң операциялар бойынша басқарыўшы директоры Анна Берде басшылығындағы делегация ағзалары арасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў ўақтында тәреплер жәҳән экономикасындағы соңғы тенденциялар, мәмлекетnbң экономикалық өсиўиниң турақлылығы ҳәм оған тәсир етиўши факторлар, соның ишинде, жасалма интеллекттен нәтийжели пайдаланыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, заманагөй технологияларды тартыў ҳәм халықаралық саўдада Жәҳән саўда шөлкеминиң орны ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысты.

Әсиресе, инфраструктура, денсаўлықты сақлаў, туризм, аўыл хожалығы ҳәм санаат тараўларында сапалы жумыс орынларын жаратыў тийкарғы ўазыйпалардан бири екенлиги айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, Өзбекстанда алып барылып атырған социаллық-экономикалық реформалар, макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, бюджет сиясаты нәтийжелилигин арттырыў, инфляция дәрежесин мақсетли көрсеткишлерде услап турыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылып атырған инфраструктуралық жойбарлар, мәмлекетлик кәрханаларды трасформациялаў, меншиклестириў процесслери, энергия нәтийжелилигин арттырыў, жасыл ҳәм турақлы ыссылық системасын қәлиплестириў ҳәм транспорт-логистика системасын раўажландырыў сыяқлы бағдарлар да додалаў орайында болды.

Жәҳән банкиниң ўәкиллери Өзбекстанда макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм экономикалық өсиў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға жоқары баҳа берди. Ушырасыў жуўмақларына бола, тәреплер өз-ара бирге ислесиўди және де беккемлеў, жоқарыда тилге алынған тараўларда пикир ҳәм тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў ҳәм улыўмалық мақсетлерге ерисиў ушын системалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА