Әскерий хызметкерлерге турақ жайды ижараға алғаны ушын төленетуғын конпенсация муғдары көбейтилди

262

Усы жылдың 9-апрель күни «Әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаў күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, әскерий хызметкерлерге турақ жайды ижараға алғаны (ижараға турғаны) ушын төлеп берилетуғын айлық пул компенсациясының муғдары 20 процентке көбейтилди. Онда пул компенсациясының муғдарларына төмендегише өзгерислер киргизилди.

Ташкент қаласында – БЕМниң 4,8 есесине шекем, Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлар орайларында – БЕМниң 3,6 есесине шекем, республиканың басқа қалалары, районлар орайлары ҳәм елатлы пунктлеринде – БЕМниң 2 есесине шекем өзгерис киргизилди.

Сондай-ақ, 2025-жыл 1-июньнен нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық тастыйықланатуғын ипотека кредитлерин ажыратыў көрсеткишлери тийкарында турақ жай менен тәмийинленетуғын, календарь есабында 10 жылдан аслам әскерий хызметти өтеген әскерий хызметкерлерге турақ жай сатып алыў (қурыў) ушын ипотека кредитин алыўда ажыратылатуғын дәслепки төлем муғдары турақ жайдың есапланған баҳасының 35 проценти муғдарында белгиленди. Алдын бул муғдар ҳәмме ушын 25 процентти қураған.

Қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ҳәм майыплығы болған әскерий хызметкерлерди биринши гезекте турақ жай менен тәмийинлеў белгиленген. Егер олар узақ мүддетли жеңилликли кредит тийкарында турақ жай менен тәмийинленген болса, қайтарылмаған кредит муғдары ҳәм кредит бойынша есапланған процентлер Мәмлекетлик бюджет есабынан толық қаплап бериледи.   

Ш.Маматуропова, ӨзА