Өзбекстандағы раўажланыў динамикасы бәршениң дыққатын тартты

Олий Мажлис Нызамшылық палатасында Канада Парламенти Ўәкиллер палатасы Бас хаткериниң орынбасары Жан-Филип Брошу менен ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиўде мийманларға Нызамшылық палатасының структуралық қурамы, оның нызам дөретиўшилиги бағдарындағы жумысы, фракциялар, комитетлер, комиссиялардың тийкарғы ўазыйпалары ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Өз гезегинде, Жан-Филип Брошу кейинги жылларда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда алып барылып атырған демократиялық реформаларды жоқары баҳалады.

Сондай-ақ, ол Орайлық Азияда биринши мәрте Ташкент қаласында болып өткен Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, илажда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған әҳмийетли басламалар халықаралық саммит күн тәртибиндеги мәселелер менен сәйкес ҳәм үнлес екенлигин айрықша атап өтти.

– Бул мениң елиңизге биринши келиўим, кең көлемли реформалар нәтийжесинде жүз берип атырған социаллық-экономикалық бағдарлардағы раўажланыў динамикасы бәршениң дыққатын тартты. Келешекте сапар етиўлеримниң күн тәртибинде Самарқанд ҳәм Бухараға зыярат етиўди режелестиргенмен, – деди Канада парламенти ўәкили.
Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекеттиң парламентлери арасында байланысларды буннан былай да раўажланыдырыўда парламент аппаратлары арасында турақлы сөйлесиў ҳәм әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўға келисип алынды.
М.Комилова, ӨзА